Усы жыл 8-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы  Кеңесинде энергия ресурслары нәтийжелилигин арттырыў, тәбийғый газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўынан үнемли пайдаланыўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы  Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барған мәжилисте  сектор басшылары, тийисли министрликлер менен тараў жуўапкерлери қатнасты.

Атап өтилдгениндей, бүгинги күнде энергия ресурсларына болған талап артып бармақта. Сонлықтанда энергия ресурслары менен халқымызды ҳәм экономикалық тармақларды толық тәмийинлеў әҳмийетли мәселеси  болып, тәбийғый газ, электр энергиясынан мақсетли пайдаланыў бағдарындағы жумыслар қайта қарап шығылыўы талап етилмекте. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен республикамызда усы жылдың 10-август – 10-сентябрь күнлери аралығында «Энергия ресурсларын үнемлеўдиң нәтийжели бир айлығы» жәрияланып, бул бағдарда белгиленген тийисли илажларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў зәрүрлиги атап өтилди. Атап айтқанда, энергия ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм үнемли пайдаланыў, қайта тиклениўши энергия дереклерин орнатыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған. Мәжилисте усы жумысларды белгиленген мүддетлерде сапалы орынлаў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилип, айқын ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги