Улуғбек Рашитов – еки мәрте Олимпиада ойынлары чемпионлығын қолға киргизген дәслепки өзбек таэквондошысы болды.

Улуғбек Рашитов Олимпиада ойынларының еки мәрте жеңиске ерискен биринши өзбек таэквондошысы сыпатында өз атын спортымыз тарийхына мөрлеп қойды.

68 кг салмақ категориясында қатнасқан жерлесимиз финалда иорданиялы Заид Каримди 2:0 есабында жеңип, алтын медалға ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги