Исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланбақта

182

Исбилерменлер – елимиз экономикасыныӊ таянышы. Мәмлекетимизде оларға үлкен итибар берилип, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.

Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти раўажландырыў бағдарында қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар болса, елимизде исбилерменлер қатарының артыўына мүмкиншилик жаратпақта. Президентимиз тәрепинен усы жылдыӊ 30-май күни «Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин шѳлкемлестириў илажлары ҳакқында»ғы қарары қабыл етилди хәм онда усы жылы Президентимиздиӊ исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиў илажын Қарақалпақстанда ѳткериў белгилеп қойылды.

– Бул әҳмийетли илаждың Қарақалпақстанда ѳткерилиўиниң белгилениўи барлық исбилерменлеримизди қуўантпақта. Себеби, қарақалпақстанлы исбилерменлер Президентимиз бенен тиккелей ушырасады ҳәм басқа да жетекши исбилерменлер менен тәжирийбе алмасады. Ашық сәўбетлесиў шеӊберинде шѳлкемлестирилетуғын халықаралық бизнес-форум оған имканият жаратады. Буннан тысқары, усы жылдыӊ ақырына шекем Ѳзбекстанныӊ сырт ел мәмлекетлериндеги елшилери менен биргеликте «Бизнесиӊизди Қарақалпақстанда жүргизиӊ»  жойбары шеӊберинде ири бренд ийелериниң Қарақалпақстанға келиўи күтилмекте,-дейди басқарманың мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.

Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ашық-айдын сәўбетлесиўди шѳлкемлестириў ҳам ѳткериў бойынша жумысшы топар шѳлкемлестирилди ҳәм «жол картасы» ислеп шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси жанында 2024-жылдыӊ 15-июнь күнинен баслап, Саўда-санаат палатасыныӊ имаратында Республика штабы ѳз жумысын баслады. ШТАБ қурамында министрлик, шѳлкем, мәкеме хәм басқарма ўәкиллери тәрепинен исбилерменлердиӊ усыныс хәм мүрәжатлары ҳәр күни 24 саат даўамында қабыл етилмекте.

Буннан тыскары 15-июннан 20-августқа шекем Call центр иске қосылған. 10 88 номери арқалы усыныслар билдириледи. Сондай-ақ, https://taklif.chamber.uz электрон платформасы арқалы исбилерменлер тәрепинен билдирилген мүрәжат ҳәм усыныслар онлайн тәризде кабыл етиледи.

Қарақалпақстанда исбилерменлерден 15-июнь күнинен 7-август сәнесине шекем, жәми 549 мүрәжат келип түсти. Соннан 423 мүрәжат үйренип шығылып, қанаатландырылды, ал 126 мүрәжат орынланыўы бойынша мүддет талап етпекте.

Мәселен, жер орнын ажыратыў, жеңиллетилген кредит алыў, жол мәселеси бойынша, имарат алыў бойынша исбилерменлер тәрепинен билдирилген мүрәжатлар унамлы шешим тапты.

Министрликлерге жәми 112 мүрәжат келип түскен, соннан еӊ кѳп мүрәжат (44) денсаўлықты сақлаў тараўына билдирилген. Комитетлерге улыўма 75 мүрәжат келип, соннан еӊ кѳп мүрәжат (68) мәмлекетлик салық комитетине келип түскен. Агентликлер кесиминде жәми 26 мүрәжат келип түскен болып, еӊ кѳп (19) мүрәжат кадастр агентлигине келип түскен. Бирлеспелерге тийисли улыўма мүрәжат келип түспеген. Банклер кесиминде жәми 113 мүрәжат келип түскен болып, еӊ кѳп мүрәжат Халқ банк (26) ҳәм Агробанкке (20) келип түскен.

Сондай-ақ, Саўда-санаат палатасына тийисли 116 мүрәжат келип түскен, соннан 105 мүрәжат ѳз шешимин тапқан болса, 11 мүрәжат орынланыўы бойынша муддет талап етип атыр.

Буннан тыскары Саўда-санаат палатасынын қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен исбилерменлердиң машқалалары орынларда үйренилип, ҳәр ҳәптеде ашық сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги