Медицина тараўы ўәкиллери де болажақ сайлаўларға бийпәрўа емес

160

Ҳәзирги күнде сайлаўшылардың қолтаңбаларын жыйнаў жумыслары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте. Қолтаңба жыйнаў жумыслары Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде де шөлкемлестирилди.

Онда ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ўәкиллери медицина тараўы ўәкиллерине быйылғы сайлаўлардың айрықша тәреплери, Сайлаў кодексине муўапық болажақ сайлаўлардың мазмун-мәниси бойынша толық мағлыўматлар берип өтти.

Әсиресе, партияның идеологиялық мақсет ҳәм ўазыйпаларынан келип шығып ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын ҳәм позициясын арттырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў жолында алып барылып атырған партиялық жойбарлардың әҳмийети айрықша атап өтилди.

– Өзим медицина тараўында жумыс ислесем де шаңарағымыз бенен шаңараққа тийисли исбилерменлик пенен шуғылланамыз. ӨзЛиДеП партиясының  исбилерменлерди қоллап-қуўатлап атырғанлығын, оларға қалқан болып атырғанлығын, әсиресе, ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў жолында “Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ” жойбары шеңберинде алып барып атырған үгит-нәсият жумысларын да айтып өтиў керек. Сол себепли, пуқаралық позициямнан келип шығып партияның сайлаўларда қатнасыўын қоллап-қуўатлап қолтаңбамды бердим,-дейди  илаж қатнасыўшысы Нөкис қалалық медицина бирлеспеси мийирбийкеси Б.Бишекова.

Қолтаңба жыйнаў жумыслары орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги