Израилдың жерасты емлеўханасы ҳүжимге таярланбақта

153

Израилдың  арқасындағы Ҳайфа қаласында үлкен жерасты емлаўханасы бар. Ол бетон дийўаллар менен қапланған болып, операция ханалары, туўыў бөлими, медицина әсбап-үскенелери менен тәмийинленген. Ҳәзирше ол ерде наўқаслар жоқ, емлеўхана күтилежақ урыслар алдынан таяр ҳалда келтирилмекте. Бул орын 2006-жылғы Израил-«Ҳизбуллоҳ» урысынан кейин қурылған.

Мәкеме 2 мыңнан артық орынға ийе. Израилға үлкен ҳүжим жүз берген жағдайда, наўқасларды қабыллайды. Регионда кескинлик тереңлескен бир ўақытта шыпакерлер де урыслар тезирек тамам болыўынан үмитли. Ҳайфа қаласы Ливанға жақынлығы ҳәм «Ҳизбуллоҳ»тың ракеталары адамларды тынышсызландырмақта.

Бул аймақта жасаўшылар айрықша жағдайларда шынығыўлар өткериўге үйенип қалған, ҳәтте мектеп оқыўшылары да ҳүжим жүз бергенде не ислеў керек екенлигин жақсы биледи.

«Бул саатлы бомбаға уқсайды. Қәлеген ўақытта сигнал шалыныўы мүмкин. Мен өлемен бе!   Шаңарағымды көриўге имканиятым бола ма-болмай ма, билмеймен», деп өзиниң жағдайын сүўретлеген жергиликли жасаўшылардан бири.

Сексеннен асқан қала мэри уйқысыз түнлери ҳаққында айтып өтип, өз мойнында үлкен  жуўапкершилик турғанлығын түсинеди. Ёна Яҳав 2006-жылғы урыс ўақтында да  қаланы басқарған.

«Мен жүдә пушайманман. Басшылар көриў орнына ўайранагершилик, өлтириў, урыс пенен шуғылланады», деген қала мэри. Ҳайфа «аралас қала» деп аталып, израиллық араблардың үлкен бөлеги израиллық еврейлер менен бирге жасайтуғын орын болып есапланады. Яҳавтың айтыўынша,  бул тыныш жәмийет, бирақ ҳәзирги тартыс жағдайды және де аўырластырады.

Қарақалалпақстан хабар агентлиги