Бажыханашылар волейбол бойынша өз-ара беллести
198

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың физикалық таярлық дәрежелерин турақлы арттырып барыў мақсетинде “Беккем шаңарақ – армияның таянышы!” сүрени астында спорттың волейбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.
Басқарма ықтиярындағы барлық бажыхана постлары ҳәм басқарма аппараты хызметкерлеринен дүзилген жәми 6 команда арасында болып өткен жарыс қызғын беллесиўлерге бай болды.


Жарыс жуўмағында шаққанлығын ҳәм шеберлигин иске салған ҳалда күшли ойын көрсеткен командалар жеңимпазлықты қолға киргизди ҳәм басқарманың баҳалы естелиги ҳәм ақшалай сыйлықлары менен сыйлықланатуғын болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги