Таңлаў жаңа жумыс орынларын жаратыўға себеп болмақта

284

“Бизнести раўажландырыў банки” АКБ ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына бағышлап “Мәҳәллениң раўажланыўы ушын ең жақсы бизнес жойбар” Республикалық таңлаўын жәриялаған еди.

Усы жылдың 8-август күни таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, “Бизнести раўажландырыў банки” АКБ аймақлық басқармасы, Саўда-санаат палатасы, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы “Киши бизнеске көмеклесиў орайы” ЖШЖ, коммерциялық банк басшылары, Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги хызметкерлери, депутатлар, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳәкимият ўәкиллери ҳәм киши бизнес субъектлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының  орынбасары Р.Зарекеев, Өзбекстан Мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық басқармасы баслығы С.Турманов, «Киши бизнеске көмеклесиў орайы» ЖШЖ директоры Ф.Асемов, «Бизнести раўажландырыў банки» АКБ аймақлық басқармасының баслығы И.Жалменовлар шығып сөйлеп, “Мәҳәллениң раўажланыўы ушын ең жақсы бизнес жойбар” таңлаўының әҳмийетине тоқтап өтти.

Мәҳәллелерди раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жойбарларды анықлаў ҳәм қаржылай тәмийинлеў, бизнес жойбарлардың басламашыларын хошаметлеў мақсетке  муўапық, әлбетте. Бул таңлаўда Қарақалпақстан Республикасындағы исбилерменлер ҳәм фермерлер де өз бизнес жойбарлары менен белсене қатнасты.

Жойбар басламашыларынан www.biznes-portal.uz электрон платформасы арқалы арза алынып, “Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў” комплексли бағдарламасы қатнасыўшысына айналған болыўы таңлаўдың тийкарғы шәрти ретинде белгиленди. Сондай-ақ, таңлаўға келип түскен жойбарларды баҳалаўда жаңа жумыс орынларын жаратыўы, халықтың дәраматларын арттырыўы ҳәм экспортты тәмийинлеўи жоқары бизнес жойбарларға үлкен әҳмийет қаратылды.

Республикамыздан таңлаўға 157 жойбар басламашыларынан арза келип түсип, жуўмақлаўшы нәтийжелерге бола таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы бойынша 1-орынды Нөкис қаласында жумыс ислеп турған “Real innovatciya NKL» НТМ кәрханасы директоры Аманбай Сражатдинов, 2-орынды “Муратбек Мебель” ЖШЖ кәрханасы директоры Муратбек Тәңирбергенов  ҳәм 3-орынды Хожели районында жумыс ислеп турған “ҚАРАҚАЛПАҚ ТЕКСТИЛ” ЖШЖ кәрханасы директоры Наргул Худайбергеновалар ийеледи.

Илажда таңлаўдың аймақлық басқышының жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.



Таңлаўда ең жақсы деп табылған бизнес жойбарлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 14-сентябьрдеги “Киши бизнести раўажландырыўды қаржылай ҳәм институционал қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық енгизилген тәртип тийкарында “Бизнести раўажландырыў банки” тәрепинен жеңиллетилген шәртлерде қаржыландырылады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги