Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмақларына түсиник берди.

Өзбекстан басшысы биргеликтеги системалы ҳәм әмелий ис-ҳәрекетлер себепли Өзбекстан-Қазақстан бирге ислесиўин аўқамласлық қатнасықларындай ең жоқары басқышқа алып шығыўға ерисилгенин үлкен миннетдаршылық пенен атап өтти.

-Биз көп тәреплемели қатнасықларымызда жаңа бет аштық- Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисин өткердик. Бул формат мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң ең жоқары дәрежесиниң көриниси болып, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың тығыз байланыслары, олардың барлық бағдарларда бирге ислесиўди беккемлеўге исенимли умтылысын айқын көрсетеди.

Сөйлесиўлер ўақтында парламентлердиң еки палатаның қатнасыўында Парламентлераралық форум шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Бирге ислесиўдиң және бир жаңа түри – Сыртқы ислер министрлери кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Саўда, санаат кооперциясы, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, мәденият тараўларындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў бойынша анық келисимлерге ерисилди.

Биргеликтеги протоколға қол қойылды ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеўге қаратылған 2024-2034-жылларға мөлшерленген Стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық бағдарламасы қабыл етилди.

Сөйлесиўлерде аймақлараралық қатнасықларды жақсылаўға айрықша итибар қаратылды. Жетекшилер еки мәмлекеттиң барлық ўәлаятларын қамтып алған ҳалда Аймақлараралық бирге ислесиў форумын Аймақлар басшылары кеңесине айландырыў басламасын алға қойды.

Күни кеше өткен бизнес форумы ҳәм исбилерменлик ушырасыўларында улыўма баҳасы  7 миллиард долларлық шәртнама ҳәм келисимлерге  қол қойылғаны миннетдаршылық пенен атап өтилди.

Айдың ақырына барып товар алмасыў көлемин кескин арттырыўға қаратылған  комплексли бағдарлама қабыл етиледи. Тәреплер, сондай-ақ, жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын Халықаралық санаат кооперациясы орайының қурылысын тезлетиўге келисип алды.

Буннан тысқары, тийкарғы бағдарлардағы биргеликтеги жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде Өзбекстан-Қазақстан инвестициялық қорын шөлкемлеситириў мәселеси көрип шығылды.

Сөйлесиўлер күн тәртибинен транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери әҳмийетли орын ийеледи. Жүк тасыў көлемин арттырыў ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятларды жаратыў, автомобиль ҳәм темир жолларды қурыў ҳәм модернизациялаўды жеделлестириў бойынша анық илажлар додаланды.

Және бир стратегиялық бағдар азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў. Еки мәмлекет аймағында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм жеткерип бериў бойынша анық келисимлерге ерисилди.

Суўдан пайдаланыў ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў тараўларында бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

Трансшегаралық суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў мәселеринде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды. Мәденият, жаслар, туризм, илим, билимлендириў ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Сапар алдында ҳәм шеңберинде Қазақстан пайтахтында Өзбек киносы күнлери, концертлер, көргизбелер, фестивальлар, интеллектуаллық ойынлар ҳәм басқа илажлар табыслы өткерилди.

Тәреплер келеси жылда өз-ара мәденият күнлери, биргеликтеги кинофестивальлар, еки мәмлекеттиң көркем өнер шеберлериниң концертлерин шөлкемлестириўге таяр екенликлерин билдирди.

Сапар даўамында Өзбекстан ҳәм Қазақстандағы жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери филиалларының жумысы жолға қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы Президент Қасым-Жомарт Тоқаевқа ҳәм ол арқалы пүткил туўысқан Қазақстан халқына Астана орайында өзбек халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы естелиги орнатылғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық платформалар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ШБШ, ҒМДА, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес, «Орайлық Азия плюс» форматлары шеңбериндеги басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттиреди.

Ертең Астана қаласында болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы экономикалық интеграция ҳәм пүткил регионның жедел раўажланыўына күшли пәт бағышлайтуғыны айрықша атап өтилди.

Жуўмағында Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик сапар жуўмақлары ҳәм ерисилген келисимлер Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын ҳәр тәреплеме беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

                                                                             ӨзА