Китапқумарлар менен ушырасыў өткерилди

187

Жаслар жәмийеттиң жетекши күши. Сонлықтан да мәмлекетимизде жаслар сиясаты мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, олардың жәмийеттен өз орынларын табыўы ушын кең көлемли илажлар алып барылмақта.

Нөкис районлық Мәлимлеме- китапхана орайында “Жаслар-ертеңги күнниң тийкарғы күш қүдирети” атамасында қәбилетли жаслар ҳәм китапқумарлар менен ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўға Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери А. Өтениязова, нураний устаз Ҳ.Бердиева, Нөкис қәнигелестирилген Мәденият мектеби оқыўшысы   Ж. Камалатдинов, усы мектеп  оқыўшысы, республикалық ҳәм халықаралық  таңлаўлардың гран при жеңимпазы З. Елиўбаева,  райондағы 15-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы, спорттың кураш, самбо, дзюдо түрлеринен өткерилген бир неше жарыслардың жеңимпазы С. Муратбаева ҳәм китапхананың  турақлы ағзалары қатнасты.

-Китап ҳәр бир инсанның кәмил инсан болып жетилисиўине хызмет етеди. Сонлықтан да жаслар, жас өспиримлер телефоннан жырақ болып, китап оқыса  билимлерин жетилистирип, көплеген жетискенликлерге ерискен болар еди,-дейди  “Келешекке қәдем қойды Жасурбек”, “Келешекке жол силтеген Устазым” китапларының авторы Жасурбек Камалатдинов,

Илажда шығып сөйлегенлер елимизде китапқумарлықты ен жайдырыў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳәм  китаптың инсан өмиринде тутқан орны ҳаққында айтып, жасларды китап оқыўға шақырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги