Шымбайда аўызбиршилик, дослық, туўысқанлық илажы өткерилди

162

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Шымбай районы «Дослық» МПЖ аймағындағы 36-санлы мектепте «Бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!» сүрени астында тийисли тараў ўәкиллери ҳәм аймақ турғынларының қатнасыўында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илаж даўамында елимизде ғәрезсизлик жылларында ерисилген жетискенликлер, халқымыздың турмысында жүз берип атырған унамлы өзгерислер, мәмлекетимизди раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

Илаж шеңберинде жаңа әдебий китаплар, сүўретлеў өнери ҳәм өнерментшилик буйымлары көргизбелери шөлкемлестирилди. Илаж соңында районлық мәденият бөлими тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илаж район аймағында жайласқан “Таза жол” ҳәм «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйынларында да даўам етип “Кинокәрўан” жойбары әмелге асырылды. Жойбар шеңберинде шахмат-шашка ойынлары, китапқумарлық, сүўретлеў өнери көргизбелери шөлкемлестирилди. Илаж соңында қатнасыўшыларға “Тутқын” ҳәм «101 рейс» миллий кинофильмлери  қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги