Жаңа оқыў жылында мектеп формасы қандай болады?

Нөкис қаласы 52-санлы улыўма билим бериў мектебинде таза оқыў жылына таярлық көриў ҳәм мектеплерде бирден-бир оқыўшы формасын қәлиплестириў бойынша ушырасыў кешеси болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары М.Шлымбетова, министрликтиң қәнигелери, педагог қәнигелер ҳәм ата-аналар қатнасты.

Илажда мектеплерде жаңа оқыў жылына оқыўшы формасын енгизиў бойынша презентация өткерилди. Мектеп формасын енгизиўдиң тийкарғы мақсети оқыўшылардың билими, әдеп-икрамлылығы, саламат пикирлеўи, ҳәр тәреплеме жетик инсан болып жетилисиўине жәрдемлесиў, өз-ара теңликти белгилеў, белгиленген тәртип-қағыйдаларға әмел етиўдеги жуўапкершилигин арттырыў, оқыўшылар арасында саламат орталықты қәлиплестириўден ибарат болып есапланады. Ушырасыўда мектеп формасын жаратыў, оны оқыўшылар арасында ен жайдырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги