Жоқары мәмлекетлер аралық кеңестиң биринши мәжилисиниң жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Биргеликтеги протокол ҳәм Жоқары мәмлекетлер аралық кеңестиң 2024-2034-жыллардағы стратегиялық шериклик аўқамласлық бағдарламасын тастыйықлаў ҳәм Сыртқы ислер министрлери кеңесин дүзиў ҳаққындағы қарарларына қол қойды.
Сапар шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң кең көлемли мәселелерин қамтып алған ҳүжжетлер топламы қабыл етилди. Олар:
– Мәмлекет шегарасы режими ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим;
– Мәмлекет шегарасы арқалы өткериў пунктлери ҳәм халықаралық автомобиль қатнаўы ҳаққындағы ҳүкиметлер аралық келисимлерге қосымшалар киргизиў ҳаққындағы протоколлар;
– 2024-2025-жыллары мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлер аралық илажлар режеси;
– Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Экономика министрликлери арасындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– Тәбийғый монополияларды тәртипке салыў ҳәм бәсеки сиясаты тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы протоколлар;
– Өзбекстан-Қазақстан Экспертлер кеңесин дүзиў ҳаққында меморандум;
– Өзбекстан Республикасы Миллетлер аралық қатнасықлар ҳәм дослық байланыслары комитети ҳәм Қазақстан Республикасы Отандастар қоры арасында өз-ара түсинисиў ҳаққында келисим;
– 2024-2026-жыллары Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Астана қалалық ҳәкимлиги арасында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әмелий ҳәрекетлер режеси.
ӨзА