Еки тәреплеме сөйлесиўлер соңында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Алма ата қаласында Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты ҳәм Шыршық қаласында М.Авезов атындағы Қубла Қазақстан мәмлекетлик университетиниң филиалларын салтанатлы түрде ашты.
Өзбек ҳәм қазақ жоқары оқыў орынлары филиалларының өз-ара ашылыўы еки туўысқан мәмлекет арасындағы көп тәреплемели қатнасықлардың жедел раўажланып атырғанан және бир дәрек болды.
Бул билимлендириў мәкемелеринде талап жоқары болған техникалық бағдарлар бойынша маман кадрлар таярланады.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери «Сиань-Хорғос-Алма ата-Сарыағаш-Ташкент» жөнелиси бойынша биринши жүк поездының жетип келиўине бағышланған мәресимде де қатнасты.
Жүк поезды Сиань қаласындағы Қазақстан-Қытай терминалынан «Хорғос» қурғақшылықтағы порталына жол алды. Ол жерде контейнерлер қайта тийелди ҳәм Қазақстан темир жоллары бойлап «Сарыағаш» станциясы арқалы соңғы мәнзилге – «Ташкент» станциясына жиберилди.
Бул жөнелис жүк тасыў ўақтын қысқартып, саўда көлемин арттырыўға күшли түртки береди.
ӨзА