Сапар бағдарламасы шеңберинде Астана қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Қазақстан Республикасының «Алтын Қыран» («Олтин бургут» ) ордени менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Туўысқан мәмлекеттиң жоқары мәмлекетлик сыйлығын Өзбекстан жетекшисине Президент Қасым-Жомарт Тоқаев салтанатлы түрде тапсырды.

Мәмлекетимиз басшысы көп миллетли Өзбекстан халқы атынан қызғын миннетдаршылық билдирип, бундай үлкен сыйлық еки халықтың көп әсирлик ҳақыйқый дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлерге берилген баҳа, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан қатнасықларын жаңа тарийхый басқыш –стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине алып шығыўға қарай бирдей умтылыслардың тән алынғанлығын атап өтти.

«Алтын Қыран» жоқары ордени менен мәмлекетлик ғайраткерлер Қазақстан менен дослық қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын сыйлықланады.

ӨзА