Президент электр энергетикасына байланыслы нызамға қол қойды

Президент тәрепинен «Электр энергетикасы ҳаққында»ғы Нызамға (ӨРН-939-санлы, 07.08.2024-ж.) қол қойылды.
Нызам электр энергетикасы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.
Электр энергетикасы тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды төмендегилер әмелге асырады:
– Министрлер Кабинети;
– Энергетика министрлиги;
– Энергетика базарын раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў агентлиги;
– Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы;
– жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары.
Министрлер Кабинети электр энергетикасы тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди.
Энергетика министрлиги электр энергетикасы тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланады.
Төмендегилер электр энергиясы базарының қатнасыўшылары болып есапланады:
– электр энергиясы базары операторы;
– ислеп шығарыўшы;
– электр энергиясын сақлаў системасы операторы;
– узатыў системасы операторы;
– орайлық сатып алыўшы;
– трейдер;
– бөлистириў системасы операторы;
– тәмийнатшы;
– тутыныўшы;
Тарифлер ҳәм төлемлерди белгилеў методикасы ҳәм оның тийкарында тәртипке салынатуғын тарифлер ҳәм төлемлер Энергетика базары регуляторы тәрепинен белгиленеди.
Қабыл етилген тарифлер ҳәм төлемлер күшке кириўинен кеминде 15 күн алдын жәрияланады. Ҳеш қандай тариф ямаса төлем артқа қайтыў күшине ийе емес.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соң күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги