Парижде қәлбеки олимпиада медальларын сатыўшы қолға алынды

177

Парижде қәлбеки олимпиада медальларын сатып жүрген шахс полиция тәрепинен қолға алынды. Le Parisien  жазыўынша, ол ижарада турған жайда 800 ден аслам жасалма медаль табылған.

Усланған  адам Бразилиялы 39 жастағы ер адам Францияға Олимпиада ойынлары ашылыўынан бир неше күн алдын келген. Ол  ижараға алған жайда тексериў өткерилгенде 198 толық медаль (қайыслы), 666 қайыссыз медаль, 655 тағыншақ ҳәм «Париж 2024» эмблемалы 727 қайыс табылған. Қалаберди, 1340 евро нақ пул ҳәм 500 евро номиналлы қәлбеки банкнота табылған.

Қәлбеки медальлардың сатыўшысы қамаққа алынып, тергеў басланған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги