Халықлар дослығы балалар нәзеринде улығланды

214

Дослық ҳәм татыўлықта жасап атырған көп миллетли елимизде раўажланыўлар ҳәр қәдемде көзге тасланбақта. Қолды қолға берип, перзентлеримиздиң айдын келешеги ушын әмелге асырылып атырған реформалардың негизи халықлар дослығы ҳәм аўызбиршиликте көринеди.

Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Өзбекстан көп миллетли, кеңпейилли үлке» сүрени астында мәдений илаж өткерилди.

Илажда Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайы ўәкиллери, нураний устазлар, Нөкис қалалық мектепке шекемги  ҳәм мектеп  билимлендириў бөлими, «Халықлар дослығы» мәҳәллесинен тийисли хызметкерлер қатнасты.

Илажда шығып сөйлеўшилер инсан қәдири ең жоқары қәдирият  сыпатында қәдирленетуғын елимизде ҳәр бир миллет ўәкили дини, расасы, тилине қарамастан тең ҳуқықлы екенлиги нызам тийкарында белгиленип қойылғанлығы ҳәм халықлар дослығы, тынышлық елимиздиң үлкен байлығы екенлигин атап өтти.

Илаж қатнасыўшыларына 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшылары  тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди. Онда тәрбияланыўшылар ҳәр түрли тилде қосықлар атқарып, аяқ-ойынға түсти.

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги