Өзбекстан ҳәм Қазақстан 7 миллиард долларлық келисимге еристи

149

Өзбекстан ҳәм Қазақстан баҳасы 4,4 миллиард долларды қурайтуғын 34 инвестициялық жойбар ҳәм баҳасы 2,6 миллиард долларлық 7 саўда келисимин әмелге асырады. Быйылғы жылдың 7-август күни Қазақстанда еки мәмлекет бас министрлери орынбасарлары Жамшид Хўжаев ҳәм Серик Жумангарин қатнасыўындағы бизнес форумда усындай келисимлерге ерисилген.

Қазақстан ҳүкимети баспасөз хызмети хабарына бола, энергетика, таў-кән санааты ҳәм геология, тарнспорт, химия санааты, қурылыс, электротехника, машина қурылысы, фармацевтика сыяқлы бағдарларда инвестициялық жойбарлардың әмелге енгизилиўи режелестирилген, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Еки туўысқан мәмлекет аўыл хожалығы бойынша бирге ислесиўди күшейтиўди де мақсет еткен. Атап айтқанда, аўыл хожалығы егинлерин биргеликте жетистириў нәзерде тутылған.

Қазақстан Өзбекстанның тийкарғы саўда бирге ислесиўшилери үшлигинен орын алған. Кейинги жыллары саўда айланысы 4 миллиард доллардан артты. Еки мәмлекет бул көрсеткишти 10 миллиард долларға жеткериў ҳәм экономикалық бирге ислесиўди және де тереңлестириўди гөзлемекте.

Жаңа келисимлер усы мақсетке қаратылған.

Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев кеше мәмлекетлик сапар менен Қазақстанға барды. Астана халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тўқаев күтип алды. Бүгин еки мәмлекет жетекшилери басшылығында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилиси болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги