“КС-1-4” коллекторындағы жумыслар үйренилди

161

Алдын хабар бергенимиздей, Нөкис районындағы “КС-1-4” хожалықлар аралық коллекторын реконструкциялаў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланған ҳәптелик реже-график тийкарында ҳәр ҳәптениң сәршемби күни суў хожалығы объектлериндеги қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары талқыланып, әмелге асырылып атырған жумыслар үйрениледи. Соған муўапық, күни кеше «Қарақалпақстансуўқурылысинвест» мәмлекетлик кәрханасының жуўапкерлери тәрепинен “КС-1-4” коллекторындағы реконструкциялаў жумысларының барысы үйренилди.

Мағлыўмат берилиўинше, бул коллектордың 2024-жылға белгиленген 13,2 километрлик бөлегиндеги реконструкциялаў, яғный қазыў жумыслары толық жуўмақланған. Бүгинги күнде коллекторға 3 гидротехникалық қурылманы тазадан қурыў ҳәм 2 темир-бетон көпирди реконструкциялаў (демонтаж) жумыслары исленбекте. Реконструкциялаў жумыслары шеңберинде гөне көпирлердиң орнына галереялы жыйналмалы темир бетон өткизгишлер орнатылмақта.

Үйрениў даўамында жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем “Төрткүлли Нураддин Экскаваторшы” ЖШЖ ўәкиллерине тийисли көрсетпелер берилди.

Мағлыўмат ушын, Галереялы жыйналмалы темир бетон өткизгишиниң абзаллығы соннан ибарат, бунда басқа қубырлы өткизгишлерге қарағанда суўды өткериў қәбилети бир қанша жоқары. Соның менен бирге алдын бул аймақта болған көпирлерге салыстырғанда оның үстинен өтиў де әдеўир қәўипсиз болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги