Исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды

Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Тақыятас районында жумыс алып барыўшы исбилерменлер ушын ашық сәўбетлесиў шѳлкемлестирилди.
Илажда басқарма баслығыныӊ орынбасары М.Қосназаров, Бизнес-омбудсманныӊ жетекши қәнигеси Б.Даўқараев қатнасып, исбилерменлерге “Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарарының мазмун-мәниси бойынша түсиник жумысларын алып барды.
Сондай-ақ, усы қарар тийкарында Президенттиӊ исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиў илажы усы жылы Қарақалпақстанда болып ѳтетуғыны айрықша атап ѳтилип, сәўбетлесиў даўамында ҳәр бир районда тийисли тәртипте исбилерменлердиӊ системалы машқалаларын анықлаў ҳәм усынысларын тыӊлаў бағдарында арнаўлы ШТАБ ҳәр күни 24 саат даўамында жумыс алып барып атырғанлығы еслетип ѳтилди.
Илажда тақыятаслы исбилерменлер районда бизнес орталығын буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы пикир-усынысларын билдирди.

Орынларда исбилерменлердиң машқалаларын үйрениў жумыслары, сәўбетлесиўлер даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги