Қазақстан Миллий музейинде Өзбекстан көргизбеси ашылды

Қазақстан Республикасы Миллий музейинде Өзбекстан сүўретлеў ҳәм халық әмелий көркем өнери көргизбеси салтанатлы түрде ашылды, деп хабар берди «Казинформ» агентлиги.
– Бүгин улыўма тарийх, бай мәдений мийрасқа ийе қазақ ҳәм өзбек халықларының дослығы және бир мәрте көргизбеге қойылды, – дейди Қазақстан Мәденият комитетиниң баслығы Кумис Сеитова. –Бундай илажлар рухый-ағартыўшылық қатнасықларды беккемлейди. Бул көргизбеде өзбек сүўретшилери, әмелий көркем өнер шеберлериниң соңғы он жыллықтағы шырайлы дөретиўшилиги көрсетилген. Бул жерде өзбек қылқәлем шеберлериниң көплеген өзине тән тәреплери көрингенлигин атап өтиў зәрүр.

Көргизбеден мәмлекетимиздиң түрли аймақларынан жетисип шыққан белгили қылқәлем шеберлери, Өзбекстан Көркем өнер академиясының ағзалары менен бирге жас талантлы сүўретшилер, соның ишинде, Акмал Нур, Алишер Хамдамов, Татьяна Фадеева, Файзулла Аҳмадалиев, Шахноза Абдуллева, Бахтиёр Маҳкамов, Хуршид Зиёхоновлардың шығармалары орын алған.

– Қазақстанлы көркем өнер ықласбентлеринде қызығыўшылық оятатуғын өзбек сүўретшилериниң шығармаларын алып келдик, – деди Өзбекстан Көркем өнер академиясының баслығы Акмал Нур. – Қазақстан менен турақлы түрде әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар дослығымыз мәпине хызмет етеди. Улыўма, халықларымыздың өнери ҳәм мәденияты уқсас, себеби тамырларымыз бир.

Халық әмелий көркем өнери бөлиминде заманагөй өзбек шеберлериниң шығармалары көрсетилген. Өзбекстанда дәстүрий өнерментшиликти тиклеў, халық әмелий өнериниң түрлерин раўажландырыў процеси жедел алға қойылмақта. Бул арқалы миллий мәнаўият ҳәм өзлигин аңлаў сезими жоқарылайды.

Халық өнерментшилигиниң жақсы үлгилери – ташкентли усталар ағашқа нағыс ойыў ҳәм ағашқа жазыў, Самарқанд ҳәм Бухара диалекти, Марғыланның адрасы ҳәм қолда тоқылған шайы, бөртпе ҳәм миниатюра затлары, Риштон, Ғиждуван, Ургут керамикалық буйымлары хақыйқый көркем өнер ықласбентлериниң тән алыўына ийе болмақта.
8-августқа шекем даўам ететуғын көргизбеде улыўма 80 ге шамалас реңли сүўрет, 100 ден аслам халық әмелий көркем өнериниң шығармасы усынылған.
ӨзА