Париждеги жазғы Олимпиада ойынларында өзбек боксшилериниң табыслы жүриси даўам етпекте.
+92 кг салмақта Баҳодир Жалолов германиялы Раман Тиафакти 5:0 есабында жеңип, финалға жоллама алды.
Бул өзбек Баҳадырының Олимпиадалардағы қатарына екинши финалы болып есапланады.
Жалолов 10-август күни гезектеги алтын медальды қолға киргизиў ушын рингге көтериледи, оның финалдағы қарсыласы — испаниялы Аюб Ал Гадфа.
Париж-2024 бокс беллесиўлеринде финал жолламасын қолға киргизген өзбекстанлылар 4 ке жетти: Ҳасанбой Дўсматов (-51 кг), Лазизбек Мулложонов (-92 кг), Асадхўжа Мўйдинхўжаев (-71 кг) ҳәм Баҳодир Жалолов (+92 кг).
8-август күни Абдумалик Халоков (-57 кг) та жеңиске ериссе, финалшыларымыз 5 ке жетеди.
Қарақалпақстан хабар агентилиги