Шавкат Мирзиёев «Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарға қол қойды

197

«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қарары (ПҚ-282-санлы, 06.08.2024-ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, Өзбекстан ҳәм Қазақстан Ҳүкиметлери арасында «Орайлық Азия» халықаралық санаат кооперациясы орайының жумысын тәртипке салыў ҳаққындағы Келисим тастыйықланды. Бул Келисимге 2023-жылы 9-ноябрьде Ташкент қаласында қол қойылғанын атап өтиў керек.

Қарар менен Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди. Сондай-ақ, Министрлер Кабинети, тийисли министрлик ҳәм уйымлардың басшылары бул халықаралық шәртнама күшке киргенин кейин белгиленген тәртипте оның қағыйдалары әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.

Усы тәризде, «Орайлық Азия» халықаралық санаат кооперациясы орайы» еркин экономикалық зонасы шөлкемлестирилип, оның жумысын басқарыў «Сырдәрья» еркин экономикалық зонасы дирекциясы» унитар кәрханасына жүкленеди.

Сондай-ақ, бул қарар менен Орай аймағына санаат кәрханаларын өндирис процесине тартыў ҳәм импорттың орнын басыўшы өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў арқалы санаат кооперациясы кеңейтиледи.

Орай аймағында тек ғана Өзбекстан ҳәм Қазақстан Республикаларында ислеп шығарылған өнимлердиң өндирислик сертификаты қадағалаў астында реалицизацияланады.

Буннан тысқары, Қазақстан ҳәм ол арқалы келетуғын сырт ел пуқаралары ушын Орай аймағына арнаўлы қадағалаў өткериў пункти арқалы визасыз тәртипте, шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет пенен кириў, 15 күн даўамында аймақта болыў ҳәм кирген қадағалаў пункти арқалы шығыў имканияты жолға қойылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги