Электр энергия төлемлери бойынша жаңа система иске қосылды

«Аймақлық электр тармақлары» АЖ жаңа «HET BILLING» программалық комплекси толық иске қосылғанлығын мәлим етти.
Ҳәзирги ўақытта тутыныўшылар электр энергиясы ушын онлайн төлемлерди әмелге асырыў ҳәм жеке есап бетиндеги мағлыўматларды бақлап барыўы мүмкин.
Жаңаланған система арқалы тутыныўшылар тиккелей өзи пайдаланған электр энергиясының есабы, атап айтқанда, төлем мағлыўматлары, күнлик энергия пайдаланыўы ҳәм басқа да ҳәр қандай мағлыўматты онлайн түрде бақлап барыў имканияты жаратылады.
«Бул системаны енгизиў бир қанша техникалық процесслерди өз ишине алғанлығы себепли, системаны басқышпа-басқыш иске қосыў жумыслары алып барылды ҳәм күтилгенинен артық ўақыт талап еткенлигин мәлим етемиз ҳәм келтирилген қолайсызлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги