Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик сапар менен Қазақстанға келди.
Астана халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев күтип алды.
8-август күни еки мәмлекет жетекшилериниң басшылығында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилиси болып өтеди.
Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын тереңлестириў, сиясат, саўда-экономика, инвестиция, транспорт-коммуникация, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланады.
Бағдарламаға муўапық Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўында ҳәм «Орайлық Азия + Япония» форматындағы сөйлесиўде қатнасыў да режелестирилген.
ӨзА