Директор халықаралық таңлаўда жеңимпаз болды

222

Мәмлекетимизде китапқумарлықты арттырыў, китап басып шығарыўды жетилистириў әсиресе,  балалар ҳәм жас өспиримлерди жат иллетлерден аўлақ жүриўи ҳәм бос ўақытларын бийкар өткермеўи ушын китап оқыўға қызықтырыў бойынша кең көлемли илажлар алып барылмақта. Мектепте устаз, шаңарақта ата-ана менен биргеликте жумыс алып барыўда китапхана хызметкерлериниң де орны айрықша. 

Усы бағдардағы жумысларды алып барыўда белсендилик көрсетип киятырған Республикалық Балалар китапханасы директоры  Зульфия Сейтниязова 2024-жыл Билимлендириў, илим ҳәм мәденият Европа комитети тәрепинен өткерилген «Мениң кәсибим-китапханашы» халықаралық таңлаўда жеңимпаз болып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен 1-дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Усы мүнәсибет пенен китапханада өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри  Г.Кожабаева қатнасып, таңлаў жеңимпазын ерискен табысы менен қутлықлап, жумысларында табыслар тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги