Жоллар тегисленип, жаңа көриниске енбекте

258

Автомобиль жолларын заман талаплары тийкарында оңлаў, автомобиль айдаўшыларға қолайлылықларды жаратыў ушын республикамызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Президентимиздиң қарары тийкарында Нөкис қаласы аймағынан өтиўши 4R-176A Нөкис темир жол вокзалына автомобиль жолының 0-10 км аралығында жолды реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта жолға асфальт төсеў жумыслары менен бир қатарда, пуқараларға қолайлылықлар жаратыў мақсетинде пиядалар өтиў жолы қурылмақта. Бүгинги күнде усы жолдың 3-4 км аралығында грейдер жәрдеминде майда тас араласпаларын жатқызыў, тегислеў ҳәм цементобетон қуйыў жумыслары әмелге асырылмақта. Реконструкциялаў жумысларында жәми 10 техника, 15 жумысшы,  қәнигелер қатнасып, еки сменада жумыс алып бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги