“Министр сааты”нда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўына байланыслы мәселелер көрип шығылды

Мағлыўматларға бола, Өзбекстанда 3 миллионға шамалас 3-7 жастағы бала бар. Оларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 74 процентти қурайды. Бул көрсеткишти 2026-жылға шекем 80 процентке, 2030-жылға барып, 100 процентке жеткериў режелестирилген.
Бүгинги күнде мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынған 2 миллионнан аслам баланың 712 мыңы (31,2 процент) шаңарақлық бақшаларда тәрбияланбақта. Бирақ бул орынлардың айырымларында жаратылған шараятлар, тәлим-тәрбия процесслериниң мәмлекетлик оқыў бағдарламалары тийкарында шөлкемлестирилиўи, саламат ҳәм қәўипсиз аўқатландырыў сыяқлы мәселелер барлық бақшаларда да кеўилдегидей емес.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова басшылығындағы шаңарақлық ҳәм Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы бақшаларға берилетуғын субсидиялар, жаңа оқыў жылында 1-классқа үзликсиз кәсиплик раўажландырыў, «Устазлар миллий форумы»н өткериў мәселелерине бағышланған «Министр сааты» өткерилди.

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң басшылары, педагог ҳәм қәниге кадрларды үзликсиз кәсиплик раўажландырыў мақсетинде быйылғы жылдың август-декабрь айларында Жәҳән банки жойбары шеңберинде 4 басқышта семинарлар шөлкемлестирилип, сырт елли қәнигелер тәрепинен ең алдынғы методистлер мастер-тренер сыпатында таярланады. Бул оқыў процесслери аймақ ҳәм районларда каскад усылында даўам еттириледи. Нәтийжеде 7 мың методист ҳәм 78 мың тәрбияшының маманлығы арттырылады.
Сондай-ақ, мәжилисте 2024-2025-оқыў жылында 1-классқа 719 мыңнан аслам оқыўшы қабыл етилиўи режелестирилгени, усы күнге шекем 603 мыңнан аслам арза қабыл етилгени ҳәм бул процесс даўам етип атырғаны атап өтилди. 1-классқа қабыл етилген ҳәр бир оқыўшы министрликтиң adm.maktab.uz платформасына киргизилмекте.
Тараў ўәкиллериниң айтыўынша, быйылғы жылдың 15-16-август күнлери «Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады» сүрени астында «Устазлар миллий форумы»ның республика басқышы өткериледи. Онда аймақлардан 400 алдынғы, интәкер, жетекши муғаллим ҳәм тәрбияшы тартылады. Бул форум илажлары каскад усылында даўам еттирилип, 19-2-август күнлери ўәлаятлық, 23-24-август күнлери район (қала)лық, 27-30-август күнлери барлық мектеплерде шөлкемлестириледи.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА