Тараўдағы кемшиликлер додаланды

311

Мәденият министрлигинде 2024-жылдың биринши ярим жыллығында әмелге  асырылған жумыслар, олардың нәтийжелери ҳәм екинши ярым жыллықтағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша коллегия мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте мәденият министри Озодбек Назарбеков  Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнер тараўын реформалаў, оны және де раўажландырыў мәселесине үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Бул бойынша мәмлекетимиз басшысының басшылығында 2023-жылы 22-декабрь күни өткерилген Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде бир қатар тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилгени, олардың орынланыўы бойынша ҳәзирги күнде системалы әмелий жумыслар алып барылып атырғаны айрықша атап өтилди.

Соның менен бирге, «Өзбекстан –2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген бир қатар ўазыйпалар ҳәм бул тапсырмалардың орынланыўы бойынша 2024-жылдың  I ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслар, олардың нәтийжелери де II ярым жыллықта алда турған тийкарғы ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәденият министриниң биринши орыбасары Авазхон Тожихонов театр, цирк, билимлендириў мәкемелери ҳәм мәденият орайлары тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, олардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги режелер ҳаққында шығып сөйлеп, мәселелер сын көзқарастан көрип шығылды.

Мәжилис даўамында мәденият министриниң орынбасары Муроджон Мажидов атқарыў тәртибин беккемлеў, тараўды санластырыў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен келешектеги режелер ҳаққындағы мәселелер бойынша аймақларда атқарыў тәртиби ҳәм жумыс алып барыў бойынша  итибарсызлыққа жол қойылмаслығы зәрүрлигин атап өтти.

Коллегия мәжилиси даўамында мәденият министриниң орынбасары Юсуфжон Усмонов инвестицияларды кеңнен тартыў, мәмлекетлик- жеке меншик шерикликти раўажландырыў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин орнатыў, ҳәм «Жасыл мәкан»жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылған жумыслар ҳәм келешектеги режелерге  толық тоқтап, бул теманы сын көзқарастан додалады.

Сондай-ақ, министрлик орайлық аппаратының бөлим баслықлары ҳәм коллегия мәжилисинде өз бағдарлары бойынша машқала ҳәм усыныслары туўралы ҳәр тәреплеме пикир билдирди.

Кемшиликлерге жол қойған, берилген тапсырмалардың орынланыўын өз ўақтында тәмийинлембегени ҳәм жумыс нәтийжеси төменлиги ушын бир қатар система шөлкемлери басшыларына ескертиў ҳәм интизамий илажлар көриў бойынша қарар қабыл етилди.

Мәжилис жуўмағында Мәденият министрлигиниң екинши ярым жыллық ис режеси көрип шығылып, ҳәр бир басшы жуўапкершиликти терең сезинип, нәтийже көрсетиўи кереклиги айрықша атап өтилди.

ӨзА