Ҳәр бир жуўапкер басшының жумысы нәтийжелилиги анық белгиленген көрсеткишлер тийкарында баҳаланып барылады

177

Президентимиздиң 2024-жыл 13 – марттағы «Республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2024-жыл 31-июльде Министрлер Кабинетиниң «Республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары ҳәм олардың орынбасарларының жумысын ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалаўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы ҳүжжетлердиң орынланыўы қандай тәмийинленеди? Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Мәмлекетлик хызметкерлердиң жумысларын мониторинг етиў ҳәм баҳалаў департаментиниң баслығы Бахтиёр Рустамов усы ҳаққында айтып берди:

-Қарар менен жумысы ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳаланатуғын республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң дизими тастыйықланды. Бул дизимде улыўма 93 шөлкем орын алған.

Соннан 58и республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары және 35и хожалық бирлеспеси болып есапланады.

Республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары ҳәм олардың орынбасарларының жумысларын ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары ҳәм олардың орынбасарлары жумысының ең  әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлеринде «Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде белгиленген мақсетли көрсеткишлер, Президент ҳәм  Ҳүкимет тәрепинен республика атқарыў ҳәкимияты уйымларына жүкленген ўазыйпалар және тапсырмалар көрсетилди.

Ҳәр бир баҳаланыўшы басшының жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлериниң саны қағыйда түринде, 5 тен 10ға шекем болыўы керек.

Нәтийжелилик көрсеткишлери бар ресурс ҳәм ўәкилликлерге муўапық, баҳаланыўшы басшының ўазыйпа ҳәм жуўапкерлиги шеңберинде, анық, мақсетли болыўы зәрүр.

Баҳаланыўшы басшы жумысының кейинги жыл ушын нәтийжелилик көрсеткишлери республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен ислеп шығылып, Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады.

Нәтийжелилик көрсеткишлериниң орынланыўы ҳаққындағы мағлыўмат автомат тәризде ямаса тастыйықлаў арқалы қәлиплестириледи.

Нәтийжелилик көрсеткишлериниң орынланыўы хаққындағы мағлыўмат  баҳаланыўшы басшы тәрепинен «samaradorlik.uz» электрон платформасына киргизилип, Министрлер Кабинети  тәрепинен белгиленген жуўапкерлер тәрепинен тастыйықланады және баҳаланыўшы  басшылардың рейтинги қәлиплестириледи.

Республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары ҳәм олардың орынбасарлары жумысының ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлеринен келип шығып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасарлары, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери орынбасарлары жумысының кейинги жыл ушын нәтийжелилик көрсеткишлери Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады.

Район (қала) ҳәкимлери орынбасарларының жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент  қаласы ҳәкимлери тәрепинен тастыйықланады.

Басшылар ҳәм олардың орынбасарларының жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың жаңа тәртиби «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў, халықтың турмыс дәрежеси ҳәм абаданлығын жақсылаўға хызмет етеди.

Пәрман ҳәм қарардың қабыл етилиўи мәмлекетлик басқарыўға профессионал қатнасыў, нәтийжеге қаратылған табыслы басқарыўды күшейтиў ҳәм тәжирийбели кадрларды  тартыў имканиятын жаратады. Сондай-ақ, басшы кадрлардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў мәдениятын қәлиплестириў арқалы олардың жуўапкершилигин арттырады.

Норгуль Абдураимова, ӨзА