Өзбекстанда жаңа оқыў жылы қашан басланады?

395

«Қосымша дем алыс күнлери 2024-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы қабыл етилген еди.

Оған бола, Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен өзбекстанлылар избе-из 4 күн дем алады. Буннан келип шығады, 3-сентябрь, шийшемби, яғный жумыс күнине туўра келсе де, барлық хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни болып есапланады. Атап айтқанда, 1-сентябрь – Өзбекстан ғәрезсизлиги күни 2024-жылы екшемби – дем алыс күнлерине туўра келиўи мүнәсибети менен усы дем алыс күни 2-сентябрь, дүйшемби күнине көшириледи.

31 август, шемби – ҳәптесине 6 күн жумыс ислейтуғынлар ушын қосымша дем алыс күни, 5 күнликлер ушын әдеттеги дем алыс күни болады.

Соның ушын, 2024-2025-оқыў жылы 4-сентябрьден басланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги