Президент жаңа нызамға қол қойды

332

Президент тәрепинен «Пробация ҳаққында»ғы Нызамға (ӨРН-938-санлы, 07.08.2024-жыл) қол қойылды.

Нызамға бола, пробация – белгили бир ҳуқықтан айырыў, мәжбүрий жәмийетлик жумыслар, мийнетке дүзетиў, еркин шеклеў түриндеги жазалардың орынланыўын тәмийинлеўге, қамақтағыларға жәмийетлик-ҳуқықый ҳәм тәрбиялық тәсир көрсетиўге, сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыўға, ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўи себеплерин ҳәм оларға имканият беретуғын шараятларды анықлаўға, сапластырыўға қаратылған илажлар комплекси болып есапланады.

Министрлер Кабинети пробацияны әмелге асырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың жүзеге шығарылыўын тәмийинлейди.

Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсзлик департаментиниң пробация хызмети пробацияны әмелге асырыў тараўындағы ўәкилликли уйымы болып есапланады.

Пробация қадағалаўын әмелге асырыўға жәрдемлесиўши субъектлер қатарына төмендегилер киреди:

– мийнет уйымлары;

– мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасын басқарыў уйымлары ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелери;

– Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлери;

– билимлендириў тараўындағы республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм билимлендириў шөлкемлери;

– Жаслар ислери агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери.

Шахсты пробация есабына қойыў ушын судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими, уйғарыўы ямаса қарары, сондай-ақ, амнистия акти ямаса әпиў етиў тийкар болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги