Өзбекстан-Қазақстан сиясий мәсләҳәтлесиў өткерилди
291

Астана қаласында Өзбекстан – Қазақстан Сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўдиң гезектеги дөгерек сәўбети болып өтти. Мәмлекетимиз Сыртқы ислер министриниң орынбасары Бобур Усмонов өзбек тәрепиниң делегациясына, усы мәмлекеттиң сыртқы сиясат уйымы басшысының орынбасары Ермуҳамбет Конусбаев қазақ тәрепиниң делегациясына басшылық етти.

Тәреплер сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўлардағы қатнасықтың ҳәзирги жағдайын көрип шығып, көп тәреплемели формат шеңбериндеги бирге ислесиў перспективасын додалады.
ӨзА