Сайлаў штаблары жумыс баслады

Усы жылдың 27 октябрь күни елимизде болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслерге депутатлар сайлаўында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы да белсене қатнасыўды режелестирген. Усы мақсетте партияның Орайлық Кеңесиниң Пленумында аймақлық партия шөлкемлери ҳәм депутатлары, белсендилер менен келисип, илажлар режеси белгилеп алынды.
Партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық кеңеслериниң сайлаў штаблары өз жумысын баслады.
Қолтаңба жыйнаў – сайлаўда қатнасыўдың ең зәрүрли талапларынан бири болып, сайлаў кампаниясының дәслепки жумысы есапланады. Усы процессте Халық демократиялық партиясы мүнәсип қатнаспақта.
Партияның сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлаў бойынша қолтаңба жыйнаў процесслери мәмлекетимиздиң барлық аймақларында, пуқаралар жыйынларында ҳәм мийнет жәмәәтлеринде қызғын даўам етпекте.


Атап айтқанда, Нөкис қаласында болып өткен илажда анықлық, исшеңлик ҳәм өз-ара аўызбиршилик руўхы көзге тасланады. Қарақалпақстан Республикасында партияның 103 депутаты, 666 басланғыш партия шөлкеми жумыс алып барып атырған болып, қолтаңба жыйнаў процесслерлеринде олар айрықша белсендилик көрсетпекте. Қолтаңба жыйнаўдың әҳмийети түсиндирилип, қағазлар толтырылмақта.
Соның менен бирге, пуқараларға Өзбекстан Халық демократиялық партиясы идеялары ҳәм болажақ сиясий процесстиң мазмун-мәниси жөнинде түсиник берилмекте. Өз гезегинде халық ўәкиллери тәрепинен де көплеген сораўлар менен мүрәжат етилмекте. Партияның идеялары, ерискен жетискенликлери бойынша пикирлер билдирилмекте.
Пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў, демократиялық ҳуқықый мәмлекетти қурыўда ҳәр бир сайлаўшының орны, белсендилиги оғада зәрүр екенлиги атап өтилмекте. Әсиресе, жаслар менен пикирлесиўлер барысында ҳәр бир пуқара жәмийетте болып атырған өзгерислер менен түрли процесслерге өзиниң мүнәсибетин сиясий ҳуқықлары арқалы көрсетиўи, сол себепли бийпәрўа болмаўы, ертеңги күнде өзиниң ҳуқықларын социаллық, экономикалық, сиясий турмыста әмелге асырыў арқалы жүзеге шығыўын аңлаўы түсиндирилмекте.
Еслетип өтемиз, Сайлаў кодексине муўапық, сиясий партияны қоллап-қуўатлап, жәми сайлаўшылардың улыўма санының кеминде бир процентиниң қолтаңбасын жыйнаў нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги