Шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте

321

Мәмлекетимизде әҳмийетли процесс – Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли кеңеслерге депутатларды сайлаўға қызғын таярлық кѳрилмекте. 

Ҳәзирги ўақытта усы жылдың 27-октябринде болып ѳтетуғын сайлаўларда қатнасыўы ушын Орайлық сайлаў комиссиясы рухсат берген бес сиясий партия сайлаўшылардың қолтаңбасын жыйнамақта.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының барлық дәрежедеги шѳлкемлери де бул процесслерде белсене қатнаспақта. Партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм қалалық, районлық шѳлкемлеринде сайлаўға таярлық кѳриў бойынша шѳлкемлестирилген сайлаў штаблары сайлаўшылардың қолтаңбаларын жыйнаў жумысларын системалы түрде жолға қойып, қолтаңба қағазларын толтырыў тәртиби ҳәм бул бойынша ислениўи тийис болған тәреплери сайлаўшыларға түсиндирилмекте.

«Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен пайтахтымыздағы Орайлық амфитеатр жанындағы Байрақ жанында шѳлкемлестирилген қолтаңба жыйнаў процесинде 250 ден аслам партия ағзалары, мәҳәлле ўәкиллери ҳәм жаслар «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Өзбекстан Республикасы  Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслерге болып ѳтетуғын сайлаўларда қатнасыўын қоллап-қуўатлап қолтаңба қойды.

Бул бағдардағы жумыслар орынларда қызғын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги