“Адолат”: қолтаңба жыйнаў даўам етпекте

112

Усы жыл 31-июль күни Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери дизимге алынып, оларға партияның сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлаўшы сайлаўшылардың қолтаңбасын жыйнаў ушын белгиленген үлгидеги қолтаңба қағазлары тапсырылған еди.

Сайлаў нызамшылығына бола, сиясий партиялар октябрьде өткерилиўи белгиленген сайлаўда қатнасыўы ушын кеминде 40 мың сайлаўшының қолтаңбасын жыйнаўы шәрт. Соннан келип шығып, Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы да 15-августқа шекем даўам ететуғын қолтаңба жыйнаў процесинде белсене қатнаспақта.

Атап айтқанда, партияның 400 аслам  басланғыш партия шөлкеминде де усы шөлкемлердиң баслықлары, жергиликли Кеңес депутатлары, партияның “Ҳаял-қызлар қанаты” ҳәм “Жаслар қанаты” ағзаларының қатнасыўында сайлаўшылардың қолтаңбасын жыйнаў жумыс, хызмет, оқыў ҳәм жасаў орны, сондай-ақ, нызам менен қадаған етилмеген басқа да орынларда ашық- айдын әмелге асырылмақта.Соның ишинде, Нөкис қаласында жайласқан “Дослық үйи”нде партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси басламасы менен шөлкемлестирилген қолтаңба жыйнаў илажына партияның жанкүйерлери үлкен шөлкемлескенлик ҳәм көтериңки руўхта белсене қатнасты.

Қолтаңба жыйнаў процесинде 100 ден аслам пуқара партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын қоллап-қуўатлап, өз қолы менен пуқаралық позициясын қолтаңба қағазлары арқалы көрсетти. Қуўанышлы тәрепи, қоллап-қуўатлаўшылар арасында ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери, жасы үлкен нуранийлер, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар болып, мәмлекетимиздеги ең әҳмийетли сиясий процессте белсене қатнаспақта.

Бул илаж республикамыздың барлық аймақларында қызғын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги