Пәрман ҳәм пленум қарарларының мазмуны-мәниси түсиндирилди

122

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 10-июнь күнги «Оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы судлар жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў менен бирге, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиўде әҳмийетли қәдем болды.

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы судында ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери ушын семинар шөлкемлестирилди. Видеконференция байланыс режиминде өткерилген семинарға Қарақалпақстан Республикасы судының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьялары, қалалық ҳәм районлық, районлараралық судларының баслықлары, прокуратура, ишки ислер министрлигиниң сорастырыўшы ҳәм тергеўшилери, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң оқытыўшылары қатнасты.

Семинарды Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов кирис сөз бенен ашты.

Атап өтилгениндей, усы пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-январьдан баслап жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи, жынаят ислери бойынша судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде процессуаллық қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларында өз алдына судьялар – тергеў судялары тәрепинен көрип шығылыў тәртиби енгизиледи. Семинарда, тергеў судьясы, оның ўәкилликлери ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судьясы Ж.Оразбаевтың баянатында атап өтилгениндей, тергеў судьяларына ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги берилип, олар тәрепинен көрип шығылатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди жоқары инстанцияларда қайта көрип шығыўдың әмелдеги тәртиби сақлап қалынбақта. Соның менен бирге, тергеў судьясына 11 түрдеги санкциялар ҳәм мәжбүрий шараларды қолланыў мәселесин көрип шығыў ўәкиллиги берилмекте.

Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының усы жылдың 25-июнь сәнесинде қабыл етилген судлар тәрепинен жынаят, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы, пуқаралық, экономикалық, ҳәкимшилик ислерди ревизия тәртибинде көрип шығыўдың айырым мәселелери ҳаққындағы 5-пленум қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети кең түрде талқыланды.

Баянатшылар тәрепинен Пленум қарарларында нызам нормаларын судларда қолланыўда итибар қаратылыўы зәрүр болған әҳмийетли түсиниклер орын алғанлығы атап өтилип, жынаят, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы, пуқаралық ҳәм ҳәкимшилик ислерди ревизия тәртибинде көриўдиң ҳуқықый тийкарлары, процессуал нызамшылыққа әмел етиў талаплары ҳаққында қатнасыўшыларға кең түрде мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, жынаят, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы, пуқаралық, экомикалық ҳәм ҳәкимшилик ислердиң ревизия тәртибинде қайта көрилиўи суд ҳүжжетлериниң нызамлылығы ҳәм тийкарлылығы, судлар тәрепинен материаллық ҳуқық нормалары дурыс қолланылыўына, процессуал нызам талапларына әмел етилиўин тәмийинлеўге хызмет етеди. Соның менен бирге, судлардың пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғайтуғын уйым сыпатында халыққа еле де жақынластырыўда әҳмийетли.

Қарақалпақстан хабар агентлиги