Өзбекстанда августтағы пенсия ҳәм напақа төлемлери бойынша мағлыўмат берилди

130

2024-жыл август айында пенсия төлемлерин нақсыз түрде алыўшыларға қаржылар толық қаржыландырылды. Бул ҳаққында Пенсия қоры хабар берди.

Атап өтилиўинше, төлем дизимлерине киргизилген 4 миллионнан артық пенсия алыўшылар ушын талап етилген қаржылар коммерциялық банклерге өткерилген. Пенсия төлемлерин нақ пулсыз түрде, яғный банк пластик карталары арқалы алыўшы 3,1 миллион (ямаса жәми алыўшылардың 78 проценти) пуқараларға ақшалай толық өткерилген.

«Әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық пенсия түрлерин нақ түрде алыўшыларға усы ай төлемлери тастыйықланған графиклерге тийкарланып Халық банкиниң көшпели кассалары тәрепинен жеткерип берилетуғынын мәлим етемиз», делинеди хабарда.

Бирақ қор жәрияланған мәлимлемеде қанша муғдарда пенсия пуллары төлеп берилгени ҳаққында мағлыўмат келтирилмеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги