Ўазыйпалар белгиленип, әмелге асырылған жумыслар талқыланды

111

Хожели районында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери комитети баслығы орынбасары, сенатор Б.Матмуратов ҳәм сектор басшыларының қатнасыўында жергиликли депутатлар ҳәм районның мәҳәллелердеги белсендилери менен ушырасыў өткерилди.

Илажда Президент басшылығында өткерилген видеолеселектор мәжилисиндеги тапсырмалардан келип шығып, өткен алты айда аймақлар ҳәм тармақларда экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў ҳәм жыл жуўмағына шекем әмелге асырылатуғын ўазыйпалар бирме-бир додаланды. Бул бойынша район ҳәкими Ж.Ермашев есабат берип, өз сөзинде аймақларда Сайхунабад, Үйши, Ғиждуан ҳәм Зарбдор районлары тәжирийбелери тийкарында халықты исбилерменликке тартыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы мәселелер көрип шығылды. Сондай-ақ, Ғәрезсизлик байрамының 33 жыллығы ҳәм Президентимиздиң арнаўлы қарарына муўапық Уллы шайырымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығын кең түрде белгилеў  бойыншада бир қатар ўазыйпалар келисилип алынды.

Буннан соң сенатор Б.Матмуратов райондағы “Қырқыншы”, “Наўрыз” мәҳәллелеринде өз исбилерменликлерин Сайхунабад ҳәм Үйши тәжирийбелери тийкарында жолға қойған исбилерменлер менен ушырасып, олардың машқалаларын тыңлады ҳәм жумыслары менен жақыннан танысты. Ол орынларда бәнтлиги тәмийинленген ҳәм қосымша дәраматқа ийе болған пуқаралар менен сәўбетлесип, шараятлары менен танысты.

Сәўбет даўамында мәмлекетимизде исбилерменлер ушын жаратылып атырған көплеген имканиятлар ҳаққында сөз етилип, пикир -усыныслар тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги