Ишки ислер уйымлары ушын жетик басшы кадрлар таярлаў ҳәм тынышлықты сақлаў мәселеси көрип шығылды

Ишки ислер министри генерал- лейтенант Пўлат Бобожоновтың басшылығында ишки ислер уйымларында профессионал және басқарыў кадрларын таярлаў, қайта таярлаў және олардың тәжирийбесин арттырыў ўазыйпаларына қаратылған мәжилис болып өтти.
Илажда Ғәрезсизлик байрамы ҳәм режелестирилип атырған әҳмийетли сиясий илаж процесинде криминоген жағдайдың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ишки ислер уйымлары ушын кадрлар таярлаў системасы заман талапларына сәйкес түрде қәлиплескени атап өтилди.

Системаның тийкарғы тараўлық хызметлери есапланған хуқықбузарлықлар профилактикасы, жедел излеў, эксперт – криминалистика, жазаны өтеў, пробация, шөлкемлестириў штабы жумысы бойынша қәнигелерди таярлаў ушын имканият жаратылды.
2021-жыл 15-апрельдеги «Ишки ислер уйымлары ушын профессионал кадрларды таярлаўдың сапасы жағынан жаңа системаны енгизиў бойынша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары менен ишки ислер уйымлары ушын басшы кадрларды таярлаў бойынша биринши мәрте еки басқышлы магистратура («Шөлкемлестириўшилик-стратегиялық басқарыў» ҳәм «Шөлкемлестириўшилик- тактикалық басқарыў») енгизилди.
Онда, келешектеги басшыларды интеллектуаллық жақтан билимли ҳәм жетик профессионал кадрлар сыпатында таярлаў мақсетинде жаңа билимлендириў методлары әмелиятқа енгизилмекте. Атап айтқанда, оқыў сабақлары модульлер тийкарында теориялық билимлерди әмелият пенен байланысқан ҳалда шөлкемлестирилмекте.

Тыңлаўшылар менен сенаторлар, депутатлар, министрлик тараўлық хызмет басшылары көшпели оқыў сабақларын өткермекте.
Тараўда алдынғы мәмлекетлердиң унамлы тәжирийбелерин үйрениў мақсетинде Қазақстан, Корея, Россия, Түркия ҳәм Қытай мәмлекетлерине хызмет сапарлары шөлкемлетирилмекте.
Ең әҳмийетлиси, тыңлаўшылар алған билимлерин тиккелей мәҳәллелерге барған ҳалда әмелиятта сынап көриўи ушын да барлық шараятлар жаратылған. Буннан тийкарғы мақсет – ишки ислер уйымлары ушын ҳәр тәреплеме жетик, интеллектуаллы ҳәм профессионал басшыларды таярлаў болып есапланады.
Магистратура ашылғанынан берли оны тамамлаған 243 тыңлаўшының көпшилиги бүгинги күнде басшылық лаўазымларында мүнәсип хызмет етпекте.
Имтихан ҳәм сынақлар процесинде хызмет жумысына мүнәсип емес деп табылған 18 хызметкер жумыстан босатылды.
Быйылғы жылы дәстүрге бола магистратураны 73 тыңлаўшы питкерди. Оқыў процесинде 2 тыңлаўшы оқыў сабақларын жақсы өзлестирмегенлиги ушын оқыўдан шетлетилген. Өз гезегинде, магистратурадағы оқыў ўақтында унамлы нәтийжелерге ерискен 2 тыңлаўшы мүддетинен алдын басшылық лаўазымына тайынлаған.
Мәжилисте шөлкемлестириў мәселелери де көрип шығылды. Ишки ислер министриниң тийисли буйрығы менен министрликтиң тараўлық хызметкерлери, аймақлық және районлық-қалалық ишки ислер уйымлары бөлимлериниң баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары лаўазымларына басшылар тайынланды.
Илажда байрамды жоқары дәрежеде өткериў ушын ең зәрүр болған тынышлықты сақлаўға қаратылған мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Көрип шығылған мәселелер және анықланған кемшиликлер сынға алынып додаланды, келешекте хызмет жумысын жетилистириўге байланыслы мақсетли илажлар белгиленди.
Н.Абдураимова, ӨзА