Өзбекстан ҳәм Әзербайжан: инсан хуқықларын қорғаў тараўында бирге ислесиў кеңейтиледи

95

Баку  қаласында «Инсан хуқықлары тараўында бирге ислесиў: Әзербайжан ҳәм Өзбекстан тәжирийбеси» темасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Онда тараў қәнигелери ҳәм Өзбекстаннан инсан хуқықларын қорғаў  шөлкемлери ўәкиллеринен ибарат делегация да қатнасты.

Илажда Әзербайжан Өзбекстанның жақын досты ҳәм ўақыт пенен сыналған, исенимли стратегиялық шериги екени атап өтилип, мәмлекетлеримиздиң дин, мәнаўий қәдириятлардың бирлиги, дәстүрлер, тил ҳәм мәденияттың уқсаслығы байланыстырып туратуғынлығы атап өтилди. Инсан хуқықларын қорғаў  тараўында бирге ислесиў раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан делегациясының ағзалары өз баянатларында илаж қатнасыўшыларын мәмлекетемизде инсан хуқықларын қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы, Инсан хуқықлары бойынша  миллий стратегия, Турақлы раўажланыў бойынша миллий мақсетлердиң орынланыўы ҳаққында хабар берди.

Инсан хуқықлары  тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери бойынша әмелий сапар шеңберинде Инсан хуқықлары бойынша Миллий орайы директорының биринши орынбасары М.Тиллабоев ҳәм Илимлер академиясы Мәмлекетлик ҳәм хуқық институтының директоры М.Турғунов Әзербайжан Республикасы Инсан хуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Әзербайжан Президенти Администрациясы жанындағы Хуқық ҳәм инсан хуқықлары институты басшылығы менен ушырасыўлар  өткерди.

Әзербайжан Президенти Администрациясы жанындағы Хуқық ҳәм инсан хуқықлары институты басқарма баслығы Магомед Гулузаде усы институт жумысы менен жақыннан таныстырды ҳәм әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Усы структураның тийкарғы ўазыйпалары нызам ҳүжжетлери жойбарларын экспертизадан өткериў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм  пуқаралық жәмийети институтларының  ўәкиллери, пуқаралар ушын хуқықый билимин арттырыў мақсетинде үгит-нәсиятлаў жумысларын  әмелге асырыў, хуқықтың түрли тараўларында, соның ишинде, инсан хуқықлары менен  еркинликлери  тараўында илимий изертлеў усылларынан пайдаланған ҳалда фундаментал  ҳәм әмелий изертлеўлер алып барыў және илимий –әмелий усыныслар таярлаўды  шөлкемлестириўден ибарат.

Ушырасыўда институтта жаңадан шөлкемлестирилген «Хуқық ҳәм инсан хуқықлары виртуал китапханасы», «Хуқықтаныўшы илимпазлардың бирден-бир мағлыўматлар базасы», «Инсан  хуқықлары бойынша санлы ресурслар картасы», «Әмелият пенен байланыслы  машқалаларды үйрениў (PASS) платформасы» хаққында толық мағлыўмат берилди.

Ушырасыў шеңберинде Әзербайжан Хуқық ҳәм инсан хуқықлары бойынша Өзбекстан  Республикасы Миллий орайы арасында өз­-ара бирге ислесиў хаққында меморандум, сондай-ақ, Әзербайжан Хуқық ҳәм инсан хуқықлары институты ҳәм Өзбекстан  Илимлер академиясы Мәмлекетлик ҳәм хуқық институты арасында өз­-ара бирге ислесиў ҳаққында  меморандумға қол қойылды.

Әзербайжан Республикасы Инсан хуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Сабина Алиева менен болып өткен ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери ҳәм келешектеги перспективалы режелер, биргеликте әмелге асырылатуғын илажлар ҳәм халықаралық әнжуманлар хаққында пикир алысылды.

Сөйлесиў ўақтында кейинги жылларда Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасында жақын дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықлары жоқары басқышқа көтерилгени, түрли тараўларда  еки тәреплеме бирге ислесиў орнатылғаны айрықша атап өтилди.

Еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм дөгерек сәўбетинде Инсан хуқықлары бойынша миллий орайы, Мәмлекетлик ҳәм хуқық институты, Раўажланыў стратегиясы орайы тәрепинен басып шығарылған әдебиятлар ҳәм мағлыўматнамалар тарқатылды.

Өзбекстан делегациясының сапары Әзербайжан Хуқық ҳәм инсан хуқықлары институты және Омбудсманның рәсмий веб-сайтлары, сондай-ақ, электрон ғалаба хабар қуралларында кеңнен жәрияланды.

Н.Абдураимова, ӨзА