Президент Шавкат Мирзиёев 6-август күни темир жол тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳәм режелерге байланыслы перзентация менен танысты.

Өткен жылы 10-октябрьде «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетин трансформациялаўға байланыслы Президент қарары қабыл етилген еди. Бул процесске жәрдемлесиў мақсетинде халықаралық консалтинг компаниясы да тартылды.

Жәмийет қурамында инфраструктура, вагон хызмети, жолаўшыларды тасыў сыяқлылар менен шуғылланатуғын 6 еркин кәрхана жумыс баслады. Нәтийжесиз ҳәм бир-бирин тәкирарлаўшы ўазыйпалар бирлестирилип, артықшалары қысқартылды.

Поездлар қурамына 1 мың 40 жаңа жүк ҳәм 45 жолаўшы вагоны қосылды. Ишки жөнелисте жүк тасыў мүддети 2 есеге қысқарды. «Келес» станциясында қосымша 2 электрлескен жолды қурыў арқалы Ташкент әтирапында поездларды өткериў имканияты 30 процентке артты.

Алдын жыллар даўамында зыянға ислеп келген «Өзбекстан темир жоллары» бул реформалар нәтийжесинде пайда көриўге өтти.

Презентацияда гезектеги ўазыйпалар, шешилиўи керек болған әҳмийетли мәселелер де көрип шығылды.

Кейинги ўақытларда жолаўшы вагонларының аўҳалы, суўытыў системасындағы машқалалар бойынша көп келиспеўшиликлер болмақта. 143 вагон оңлаўға мүтәж. 59 локомотив хызмет мүддетин өтеп болған.

Соның ушын жаңа жолаўшы вагонлар ислеп шығарыў Санаатын раўажландырыў қорынан 50 миллион доллар ажыратылмақта. 38 локомотив алып келиў ҳәм 12 электровозды модернизациялаў бойынша қытайлы бирге ислесиўшилер менен 181 миллион долларлық келисимге ерисилген.

Жуўапкерлер усы қаржылар есабынан поездлар паркин жаңалаў режелери бойынша мәлимлеме берди.

Шавкат Мирзиёев өткен жылы қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўда Ташкенттен Нөкиске тезжүрер поезд қатнаўын жолға қойылатуғынын айтқан еди.

Буның ушын Қубла Кореяның Hyundai Rotem компаниясынан 6 заманагөй электропоезд алып келиниўи белгиленген. Ҳәзирги күнде узынлығы 465 километр болған «Бухара – Үргенш – Хийўа» темир жолы электрлестирилмекте ҳәм буны жыл ақырына шекем жуўмақлаў мөлшерленген. Келеси жыллары 196 километрлик «Мискин – Нөкис» тармағы электрлестириледи. Нәтийжеде жолаўшылардың мәнзилге жетип барыў ўақты 16 сааттан 7 саатқа шекем қысқарады.

Презентацияда, сондай-ақ, акционерлик жәмийетине қараслы тараўлық емес активлерди меншиклестириў, тараўда хызметлер сапасы ҳәм экспортын арттырыў мәселелери бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА