Жоқары оқыў орнын тамамлаған жаслардың бәнтлиги шешилмекте

131

2024-жыл 6-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкими ҳәм сектор басшылары тәрепинен пуқараларды қабыллаў өткерилди.

Хабарыңыз бар, буннан саррас 5 жыл алдын Президентимиздиң басламасы менен мойнақлы жасларға қосымша квоталар ажыратып, олар айрықша жеңилликлер тийкарында жоқары оқыў орынларына  кирген еди.

Бүгинги күнде олар жоқары билимлендириў орынларын табыслы тамамлап, жетик маман қәнигелер болып жетилисип районға қайтпақта. Бул Мойнақ районындағы кадрлар жетиспейтуғын тараўлардағы усындай мәселелердиң шешими болады, әлбетте.

Қабыллаўға усы имканиятлар тийкарында жоқары орнына кирип тамамлап атырған жаслар бәнтлик мәселеси бойынша қатнасты. Жасларға оқыўды тамамлаған қәнигелиги бойынша мәкеме ҳәм шөлкемлерде, киши бизнес субъектлеринде, инвестициялық жойбарлар тийкарында өндирислик кәрханаларында жаратылған бос жумыслары усыныс етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги