Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым -Жомарт Тоқаевтиң мирәт етиўине бола, 7-9-август күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, еки мәмлекет басшыларының сөйлесиўлери ҳәм Президентлер басшылығында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилиси өткерилиўи режелестирилген. Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды және де тереңлестириў мәселелери, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.
Тийкарғы итибар саўда, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм логистика, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы және басқа да тийкарғы бағдарлардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине қаратылады.
Еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлер топламын қабыл етиў күтилмекте.
Мәмлекетлик сапар шеңберинде Қазақстан пайтахтында исбилерменлик ҳәм мәденият илажлары өткерилип атырғанын атап өтиў керек. Уллы өзбек шайыры ҳәм ағартыўшысы Әлийшер Наўайы естелигиниң ашылыўы нәзерде тутылған.
Өзбекстан Президенти 9-август күни Астана қаласында болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўында ҳәм «Орайлық Азия + Япония » қарым-қатнасының биринши саммитинде де қатнасады.
ӨзА