200 жыллық қобызды қәстерлеген уста

425

Қорқыт атадан мийрас болып, нешше әсирлер асып, талай жыраўлардың тилинде дәстанларды, толғаўларды халыққа жеткерген қобыз -қарақалпақ халқының өзине тән миллий саз әсбабы есапланады. Бул пирли саз әсбабының қүдиретинен бир ўақытлары жыраўлар толғаў, дәстанларды жырлағанда аспанды қара булт қаплап, нөсер жаўынлар жаўғанын жасы үлкен аталарымыздан талай мәрте еситкенбиз. Хош бул саз әсбабының қүдирети неде?  Оны соғатуғын усталар ҳәзирги күнде арамызда барма?

Нөкис районында жасаўшы Марат Жақсымуратов әўладтан-әўладқа өтип киятырған қобыз усталарының даўамшысы. «От жаққыштан дана шығар, сөзге қулақ түре-түре», деп Ибрайым атамыз айтқанындай, Марат әкеси Атамуратқа қобыз соқтыртыўға келетуғын жыраўларға шай-суў тасып жүрип, сәўбетлерине қулақ түрип,   көп нәрселерди үйренди.

-Әкем Атамурат уста қобыз ҳәм дуўтар соғатуғын еди. Соның менен бирге қара үйде соғатуғын белгили уста болды. Және бир өнери- сең сең тон ҳәм қамары малақай тигетуғын он бармағы ойылған шебер де болды. Әкеме Жумабай Базаров, Жақсылық Сырымбетов ҳәм басқа да жыраўлар келип, қобыз соқтыртып, дәстанлар атқарып, көп сәўбетлесип отыратуғын еди. Әкемниң қасында жүрип қобыз соғыў сырларын үйрендим ҳәм 7-классымда дәслепки қобызды соқтым. Сонда Жумабай жыраў қобызды тексерип көрип «мына қобыз болады, бәрекалла балам», деп жақсы баҳа берди,-дейди Марат уста.

Марат устаның  арғы атасы  Ғайып атаның шама менен 1824-жыллары соққан қобызы ата-бабалардан қалған мийрас сыпатында үйинде сақланып, қәдирленип келинбекте.

-Ата-бабаларымнан қалған қобызды Германиядан, Қазақстаннан, Қырғызстаннан, музейлерден де   сорағанлар болды. Бирақ, 200 жыллық тарийхқа ийе болған қобызды қаншаға баҳаласа да разы болмадым. Себеби, бул тарийхый мийрас ата-бабаларымыздан қалған шаңарағымыздың бийбаҳа байлығы есапланады,- дейди ол.

Марат ҳәзирги ўақытта республикамызда қобыз соғатуғын бирден -бир уста десек алжаспаймыз. Соның менен бирге ол буйыртпалар тийкарында дуўтар да соғады. Ол бул өнер менен кишкенелигинен шуғылланып келмекте. Ҳәзирги ўақытта ол елимизге белгили жыраўлар Бақберген Сырымбетов, Жанибек Пиязов, Саламат Аяпов, Жумабай Базаровтың баласы шоманайлы Тобаназар Базаров ҳәм басқа да жыраўлар менен тығыз дөретиўшилик байланыста болып оларға, шәкиртлерине қобызларды соғып берип келмекте.

-Марат уста менен бизлердиң әкелеримиз заманлас болған. Оның соққан қобызларына талап жоқары. Себеби әкесинен үйренген барлық шеберлик сырларына әмел еткенлиги оның соққан қобызларынан билинип турады,-дейди жыраў Б.Сырымбетов.

Бурынлары усталар барлық буйымларды қол мийнети менен соғып келген. Марат та жақынға шекем қол мийнетинде  қобызларды соғып келген болса жақында ол заманагөй станокларға ийе болды. Яғный усы жылдың апрель айында «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниӊ басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен миллий өнерментшилигимиздиӊ бир бағдары болған қобыз усташылығын раўажландырыўға бағдарланған «Ретро өнер» жойбары ушын 100 млн.сум муғдарында грант жеӊип алған еди. Усы грант қәрежетлери есабынан уста Марат Жақсымуратовқа үй устаханасы ушын зәрүр әсбап-үскенелер алып берилип, бул жерде қобыз усташылығын жасларға үйретиў бойынша жойбар тийкарында «Жас усталар» мектеби шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта Марат ол жерде жасларға қобыз соғыў сырларын үйретип атыр. Шәкиртлери Жасурбек Атамуратов, Дәўлет Ҳәбипназаров ҳәм баласы Мансур Атамуратов устаның қол-қанаты болмақта.

-Алдынлары қол мийнети жәрдеминде айына 5, 6 қобыз соғатуғын едим. Ҳәзир жаӊа үскенелер алынғаннан соӊ айына шәкиртлер менен биргеликте 10,15  қобыз  соғып атырмыз. Бул ушын жанкүйерлик етип, жәрдем берген грант жойбары белсендиси Гүлмира Палўановаға миннетдаршылығым шексиз.

Уста  менен сәўбетлесер екенбиз биз оның қобыз соғыў сырлары менен қызықсындық.

-Қобызды бурынлары қараман деген дарақтан соғатуғын болған.  Ҳәзирлери бул дарақ бар болса да жүдә сийрек гезлеседи. Сонлықтан ҳәзирлери тут пенен жийде терегинен соғамыз. Дарақларды гүзде жапырақлары жерге төгилгеннен соң кесип аламыз ҳәм кептирип оны он, он бес күн жерге көмип қоямыз. Қаплаўына түйениң мойын терисинен пайдаланамыз.Терини қараўымбеттиң дузына саламыз.  Аттың қуйрығынан алынып (еркек аттың қуйрық жалы) оны жуўып, шампунға салып, соң бир күн дузға салып қоямыз. Бир аттың қуйрығынан 9, 10 қобыз тары шығады. Мен Қазақстанға барғанымда да сол жақтың усталары менен бирге қобыз соқтық, бирақ даўысы бизлер жақтағыдай болып шықпады. Сонда ол жақтың усталары «бул қобыздың жақсы болып шығыўы ушын сизлер жақтың суўы, ҳаўасы керек  болады», -деген еди.

Қол өнери ҳәр қашан машақатлы мийнетти талап етип келген. Қарақалпақ халқының тарийхый мийрасы болған бай фольклорымыздың бақсы, жыраўлар арқалы усы күнге шекем жетип келиўинде усталарымыздың орны айрықша. Оны биз  шынжырма-шынжыр киятырған усталар әўлады болған Мараттың мысалында да сөз еттик. «Нийетим, халқымыздың мийрасын ен жайдырып, келешек әўладқа үйретип, даўам еттириў»,-деген сөзи менен биз мақаламызға жуўмақ жасап, оған дөретиўшилик табыслар тилеймиз.


Гүлнара Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги