Өсимликлерди қорғаў тараўындағы лицензиялаў ҳәм рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериўге байланыслы Ҳүкимет қарары қабыл етилди

199

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өсимликлерди қорғаў тараўындағы лицензиялаў ҳәм рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериў менен байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында» қарар қабыллады.

Оған муўапық:

Минерал төгинлерди ҳәм өсимликлерди қорғаў ушын пайдаланылатуғын химиялық қуралларды алып кириў ушын рухсатнама алыў тәртиби ҳаққындағы реже;

Минерал төгинлерди ҳәм өсимликлерди қорғаў ушын пайдаланылатуғын химиялық қуралларды айланыстан шығарыў ҳәм жоқ етиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 21-февральдағы 80-санлы қарары менен тастыйықланған Арнаўлы электрон система арқалы айырым жумыс түрлерин лицензиялаў тәртиби ҳаққында бирден-бир режеге:

өсимликлерди қорғаў тараўындағы лицензия ҳәм рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлерине тийкарланып арнаўлы электрон система арқалы рәсмийлестириў;

минерал төгинлерди ҳәм өсимликлерди қорғаў ушын пайдаланылатуғын химиялық қураллардың көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы бойынша жумысты әмелге асырыў ушын лицензиялаў паспортын тастыйықлаўды нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи.

Қарарда Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Министрлер Кабинети жанындағы Салық комитети менен биргеликте 2024-жыл 1-октябрьге шекем минерал төгинлерди ҳәм өсимликлерди қорғаў ушын пайдаланылатуғын химиялық қураллардың Өзбекстан Республикасы аймағында айланысын ҳәм бул бағдардағы халықаралық тәжирийбени таллап, Мәжбүрий санлы маркировкалаў енгизилетуғын ҳәм тәжирийбе жойбарлары әмелге асырылатуғын айырым түрдеги өнимлер дизимине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизетуғыны белгиленген.

ӨзА