Мажоритар-пропорционал түрге тийкарланған сайлаў системасы енгизилмекте

247

Жаңа Өзбекстанда гуманистлик демократиялық мәмлекетти, ашық ҳәм әдил жәмийетти қурыў бағдарында парламент ҳәм сиясий партияларлың ролин күшейтиўге, сайлаў ҳәм референдум өткериў тәртибин және де жетилистириўге қаратылған кең көлемли демократиялық реформаларды әмелге асырыўдың орны шексиз.

Ҳақыйқатында да, ҳәзирги реформалар дәўиринде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси  ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымлардың жумысында сиясий партиялардың ролин және де кеңейтиў, депутатлар ҳәм сенаторлардың парламент ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымлар жумысындағы жуўапкершилигин және де арттырыў, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының (ОСК) жумысын жетилистириў ҳәм орайласқан сайлаў уйымларының системасын қәлиплестириў зәрүрлиги пайда болды.

Конституциялық нызам әмелдеги нызамшылықты Өзбекстан Республикасы Конституциясының 129-статьясына муўапықластырыў мақсетинде ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-майдағы «Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы ПП-67-санлы Пәрманының 8-бәнтине муўапық ислеп шығылды.

Жаңа редакциядағы «Өзбекстан Республикасы Конституциясы»ның қабыл етилгенлиги ҳәм онда сайлаў системасы менен байланыслы бир қатар жаңа норма, қағыйда ҳәм принциплердиң белгилениўи менен Сайлаў кодексине сондай-ақ, 7 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы Пәрманы менен тастыйықланған Мәмлекетлик бағдарламаның Сайлаў системасының абырайын және де арттырыўға байланыслы 28-бәнтинде Орайлық сайлаў комиссиясының жумысын жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, Сайлаў комиссиялары системасын оптималластырыў ҳәм орайласқан сайлаў уйымлары системасын қәлиплестириў, олардың профессионаллық таярлығын тәмийинлеў ўазыйпасы белгиленгенин атап өтиў керек.

Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 129-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине, ўәлаятлар, районлар,  қалалар мәмлекетлик ҳәкимиятының ўәкилликли уйымларына сайлаўларды, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының референдумын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен жумысының тийкарғы принциплери еркинлик, нызамлылық,  коллегиалық, ашық-айдынлық ҳәм әдилликтен ибарат болған Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы дүзиледи. Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў комиссиялары системасына басшылық  етеди, өз жумысын турақлы түрде әмелге асырады.

Нызам менен сайлаў комиссиялары системасы жетилистирилип, мәмлекетимизде Орайлық сайлаў комиссиясы, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы, аймақлық комиссиялар – ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық сайлаў комиссиялары, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине сайлаў өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиялары ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары сайлаў комиссияларының системасы шөлкемлестириледи.

Аймақлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссияларын дүзиў қағыйдаларындағы өзгерислерге бола, аймақлық сайлаў комиссияларының ағзалығына талабанлар халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң мәжилислеринде додаланады ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясына тастыйықлаў ушын усыныс етиледи.

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде сексен күн қалғанында аймақлық сайлаў комиссиялары комиссияның баслығы, баслықтың орынбасары, хаткеринен ҳәм комиссияның он еки – он сегиз басқа ағзаларынан ибарат қурамда дүзилетуғыны жаңа редакцияда белгиленди.

Районлық, қалалық сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанлар халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң мәжилислеринде додаланады ҳәм аймақлық сайлаў комиссиясына тастыйықлаў ушын усыныс етиледи. Районлық, қалалық сайлаў комиссиясы халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесине сайлаў өткериў бойынша сайлаў округлерин дүзеди. Бизге белгили бул округлерде комиссия болмайды.

Аймақлық сайлаў комиссиясы сайлаўға кеминде жетпис бес күн қалғанында районлық, қалалық сайлаў комиссиясының баслығы, баслықтың орынбасары, хаткеринен ҳәм комиссияның сегиз-он сегиз басқа ағзаларынан ибарат қурамда дүзилетуғыны жаңадан белгиленди.

Орайлық сайлаў комиссиясының қарарына тийкарланып аймақлық сайлаў комиссиясының үш ағзаға шекемги ағзасы комиссияда турақлы, қалған ағзалары жәмийетлик тийкарда ислейди. Районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиясының ағзалары жәмийетлик тийкарда ислейди.

Нызам менен жаңадан шөлкемлестирилген ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерде аймақлық сайлаў комиссиясы Сенаттың усынысына бола Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен, районлық, қалалық сайлаў комиссиялары болса тийисли халық депутатлары ўәлаятлық, Ташкент қалалық Кеңесиниң усынысына бола аймақлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде алпыс күн қалғанында дүзилетуғыны белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында бирден-бир сайлаў округи белгилениўи себепли, келешекте бурынғы тәртиптеги Президент сайлаўын өткериў бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы сайлаў округлериниң дүзилмейтуғынын атап өтиў керек.

Жоқарыда атап өтилгениндей, Сайлаў кодексине Нызамшылық палатасының сайлаўын аралас (мажоритар, пропорционал) сайлаў системасы тийкарында өткериў тәртиби киргизилди ҳәм оған бола Нызамшылық палатасының 75 депутаты мажоритар сайлаў системасы тийкарында бир мандатлы сайлаў округлеринен сайланады,  қалған 75и пропорционал сайлаў системасында – депутатлық мандатлары сиясий партияларға берилген даўысларға пропорционал теңдей түрде партиялық дизимлер арасында бөлистириледи. Демек пропорционал   сайлаў системасында Өзбекстан Республикасының пүткил аймағы – бирден-бир сайлаў округи болып есапланады ҳәм сайлаўшылар жеке талабанларға емес, тек ғана партияларға даўыс береди.

Сиясий партиялар тәрепинен бир мандатлы сайлаў округлери бойынша депутатлыққа жетпис бес талабан, яғный ҳәр бир сайлаў округинен биреўден депутатлыққа талабан көрсетилсе, партия дизими бойынша жетпис бестен аз болмаған, жүзден көп болмаған депутатлыққа талабан көрсетиўге ўәкилликли болып есапланады.

Пропорционал сайлаў системасы бир қатар абзаллықларға ийе болып, олардан бири сайлаў процесслери менен байланыслы экономикалық қәрежетлерди қысқартыў имканиятын бериўи болып есапланады.

Себеби, бул сайлаў системасы бос қалған депутатлық орынларына аралық сайлаўлар өткерместен, босаған депутатлық орынларын оперативлик пенен толтырыўды тәмийинлейди. Орайлық сайлаў комиссиясы тийисли партия дизиминдеги тәртип сан бойынша кейинги талабанға бир күнлик мүддетте хабарнама жибереди ҳәм тийисли нызам қағыйдаларына муўапық талабанды Нызамшылық палатасына депутат сыпатында дизимге алады.

Мажоритар сайлаў системасы тийкарында дүньяның 79 мәмлекетинде (Уллы Британия, АҚШ, Франция, Канада, Ҳиндстан ҳәм басқалар) сайлаўлар өткериледи.

Пропорционал сайлаў системасы болса, 75 сырт мәмлекетлерде (Австрия, Қазақстан, Италия, Бразилия, Нидерландия, Швеция, Финляндия, Түркия, Израил ҳәм басқалар) қолланылып келинбекте.

Соның менен бирге, Қубла Корея, Россия, Украина ҳәм Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлерде парламентлер аралас сайлаў системасы (айырым мандатлар мажоритар ҳәм айырымлары пропорционал сайлаў системасы бойынша) тийкарында қәлиплеседи. Жоқарыдағыларды инабатқа алып, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 75 (50 процент) депутатын пропорционал сайлаў системасы тийкарында сайлаў белгиленди.

Ендигиден былай, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде пүткил аймаққа сайлаў округи белгиленетуғыны ҳәм Нызамшылық палатасы сайлаўын аралас сайлаў системасы тийкарында өткериў тәртибиниң киргизилиўи менен (аймақларда Президент сайлаўы округлериниң болмаўы, Нызамшылық палатасына сайлаў өткериўде дүзилген округлерде сайлаў комиссиясының дүзилмеўи) Аймақлық сайлаў комиссияларының жуўапкершилиги арттырылып, тийисли аймақта Өзбекстан Республикасы Президенти, Нызамшылық палатасы, жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериўди шөлкемлестириў менен бирге Өзбекстан Республикасы Президенти, Нызамшылық палатасы  депутатларының сайлаўында тийисли аймақ бойынша сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳәм оларды Орайлық сайлаў комиссиясына усыныў ўазыйпалары белгиленди.

Халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине сайлаў өткериў бойынша Округлик сайлаў комиссияларының ағзалары халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң усынысына бола тастыйықланады.

Тийисли аймақлық сайлаў комиссиялары тәрепинен сайлаўға кеминде қырқ күн қалғанында бес-он тоғыз ағзадан, соның ишинде, баслық, баслықтың орынбасары ҳәм хаткеринен ибарат қурамда участкалық сайлаў комиссиялары дүзиледи. Егер комиссия жети ағзадан ибарат қурамда дүзилсе, баслық ҳәм хаткер тастыйықланады.

Жергиликли Кеңеслерге сайлаў системасында депутатлардың саны бойынша үлкен өзгерислер киргизилди. Сайлаў кодексиниң 88-статьясына муўапық халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериндеги депутатлық орынлар саны халық санынан келип шыққан ҳалда тийисли жергиликли Кеңес тәрепинен белгиленеди.

Орайлық сайлаў комиссиясының усы жыл 26-июль күни болып өткен мәжилисинде 2024-жылғы Нызамшылық палатасының 150 депутаты, Сенаттың 56 ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 65 депутаты, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, 208 районлық (қалалық) Кеңеслердиң депутатлары сайланады.

Бирден-бир сайлаў округи бойынша  Нызамшылық палатасына сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳәм депутатлық орынларын бөлистириў өзине тән тәртибине бола, Нызамшылық палатасының депутатлық орынлары усы сайлаўда қатнасқан сайлаўшылар даўысларының жети ҳәм оннан көбирек процентин топлаған  сиясий партиялар арасында бөлистириледи. Онда депутатлық орынлары сайлаўда қатнасқан сайлаўшылардың жети процентинен азырағы жақлап даўыс берген сиясий партиялар арасында бөлистирилиўине жол қойылмайды.

Егер бул даўыслардың жети ҳәм оннан көбирек процентин тек ғана бир сиясий партия топлаған болса, онда депутатлық орынлары сайлаўда сайлаўшылардың ең көп даўысын топлаған екинши сиясий партияға да бөлистириледи.

Орайлық сайлаў комиссиясы депутатлық мандатларын сиясий партиялар арасында бөлистириў ҳаққында протокол дүзеди. Партия дизими бойынша сайланған депутатлар арасында депутатлық  мандатларын бөлистириў ОСК тәрепинен дизимге алынған партия дизимине киргизилген депутатлыққа талабанлар избе-излигине муўапық әмелге асырылады.

Және бир әҳмийетли киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың бири – Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 128-статьясына муўапық, бул суд тәрепинен қарым-қатнасқа уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлар ислегени ушын судтың ҳүкимине бола еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың қарары тийкарында айырылыўы мүмкин норманың киргизилиўи болды.

Нызамға киргизилген жаңалықлардың бири, депутатлыққа талабан сайланыўы ушын сайлаўшылардың салыстырмалы көбирек даўысын топлаған жағдайда депутат болып сайланған болады. Онда қайта даўыс бериў өткерилмейди.

Конституциялық нызамның қабыл етилиўи менен жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының Конституциясына муўапықластырылады, Орайлық сайлаў комиссиясы, аймақлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссияларының ўәкилликлери анықластырылады, Нызамшылық палатасы депутатларының корпусын қәлиплестириўдиң мажоритар-пропорционал түрине тийкарланған сайлаў системасы енгизилиўиниң ҳуқықый тийкарлары жаратылады.

Батыр Матмуратов,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты

Аралбойы регионын раўажландырыў ҳәм экология мәселелери комитети

баслығының орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги