6-8-август күнлери магистратураға қабыллаў бойынша бийкар етилген арзаларды өзгертиў мүмкин

244

Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилгениндей, 2024-2025-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери магистратурасына қабыллаў бойынша magistr.edu.uz электрон системасы арқалы онлайн дизимнен өткен талабанлардың арзалары көрип шығылды. Арзаларды көрип шығыў нәтийжесинде көплеген мүрәжатлер  белгили бир (танланған қәнигелик питкериўшиниң тәлим бағдарына сәйкес яки сәйкес емеслиги, соралған ҳүжжетлер сапасыз екенлиги ҳәм басқа ) себеплерге бола бийкар етилген.

Соны инабатқа алып, 1-30-июль күнлери magistr.edu.uz системасынан магистратураға оқыўға кириў ушын арза жиберген ҳәм кемшиликлери бар болғаны себепли арзасы бийкар етилген талабанларға усы жыл 6-8-  август күнлери арзаларды қайта өзгертиў имканияты жаратылды.

Усы мүддеттен соң өзгертиўге жол қойылмайды ҳәм кемшиликлер сапластырылмаған арзалар көрип шығылмайды.

Шет тилин билиў дәрежеси бойынша тийисли миллий яки халықаралық сертификаты талап дәрежесинде болмағаны себепли бийкар етилген арзаларды өзгертиў усыныс етилмейди, бундай жағдайда қайта өзгертилген арзалар болса көрип шығылмайтуғынлығын мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек.

ӨзА