Мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериў тәртиби белгиленбекте

Экология ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў бойынша мәмлекетимизде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Тараўға байланыслы нызамшылық және де жетилистирилмекте.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Экологиялық экспертиза ҳәм қоршаған-орталыққа тәсирди баҳалаў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқылыўда додаланды. Бул мәселе бойынша экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А. Абдуҳакимов баянат жасады.

-Бул нызам жойбары менен экологиялық экспертиза жумысында қолланылатуғын жаңа бағдарлама- экологиялық нормативлер жойбарларын мәмлекетлик экологиялық экспертизадан, стратегиялық экологиялық баҳалаўдан өткериў мәселелери анық белгиленбекте. Соның менен бирге, мәмлекетлик экологиялық экспертизаны өткериў тәртиби, мәмлекетлик экологиялық экспертиза объектлери бойынша тийисли ҳүжжетлер жойбарларын мәмлекетлик экологиялық экспертизасы ушын усыныў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик экологиялық экспертизаны өткериўде тәреплердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери, сондай-ақ, жәмийетлик экологиялық экспертизаны ҳәм жәмийетшиликтиң тыңлаўын өткериў тәртибин белгилеў бойынша айрықша нормаларды киргизиў усыныс етилмекте. Мәмлекетлик объектлерди экологиялық экспертизадан өткериўде Экспертлер кеңеси дүзиледи. Экспертизаның мүддетлери белгиленбекте,-деди министр.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи нәтийжесинде нызамшылық ҳүжжетлери арасындағы айырмашылықлар сапластырылып, экологиялық экспертиза жуўмағын бериў тәртип-қағыйдаларын нәтийжели ҳәм тиккелей тәртипке салыўшы нормалар әмелиятқа киргизиледи. Ең әҳмийетлиси, халықаралық талапларды енгизиў есабынан сырт ел инвесторлары ҳәм исбилерменлери ушын исенимли ҳәм түсиникли экологиялық баҳалаў системасы тәмийинленеди.
Мәжилисте нызам жойбары бойынша депутатлардың сораўларына жуўап берилип, биринш оқыўда қабыл етилди.