Қайта тиклениўши энергия дәреклериниң әҳмийети артпақта

228

Бүгинги күнде елимизде альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыў арқалы энергия жетиспеўшилигиниң алдын алыў бағдарында унамлы нәтийжелерге ерисилмекте.

Орынларда қайта тиклениўши энергия дәреклериниң орнатылыўын муўапықластырыў бойынша бажыхана уйымларына да ўазыйпалар жүкленген болып, тараў хызметкерлери тәрепинен бул бағдардағы тийисли нызамшылық талапларының орынланыўының күнлик мониторинг жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери Нөкис қаласы, Шоманай, Қанлыкөл, Шымбай, Тахтакөпир ҳәм Тақыятас районларында болып, аймақлардағы исбилерменлик субъектлери арасында электр энергиясы ресурсларын үнемлеў ҳәм қайта тиклениўши энергия қурылмаларынан нәтийжели пайдаланыўды кеңнен енгизиў бойынша үгит-нәсият жумысларын әмелге асырмақта.

Бунда тийкарғы итибар районлардағы бүгинги күнге шекем қуяш панельлерин орнатпаған исбилерменлик субъектлерине қаратылып, оларға қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў нәтийжелилиги ҳәм аўысып қалған энергияны мәмлекетке сатыў кепилликлери ҳаққында толық түсиниклер берилди.

Усы жерде бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 1042 исбилерменлик субъектлери тәрепинен 7,58 МВт. қуўатлылыққа ийе қуяш панельлери орнатылғанлығын атап өтиўимиз керек,

Орынларда бул бағдардағы түсиник жумыслары, үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги